Жаңа Өзбекстанды ҳаял-қызлары бахытлы жасайтуғын  мәмлекетке айландырыў – ең уллы мақсет

16

Көксарай резиденциясында 6-март күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң қатнасыўында Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти.

Бәҳәрдиң биринши нәпеси менен тәбият оянып, әлем жаңаша шырай ашып атырған бул қуўанышлы күнлерде кеўиллеримиз және бир мәрте гөззаллық ҳәм жақсылық байрамы – 8-март шадлығы менен толып-таспақта. Ҳаял-қызлар бар екен, бул дүнья меҳир ҳәм муҳаббат, шаңарақлық бахыт ҳәм қәтержамлық пенен нурға толады. Аналардың пәтиясы, апа-қарындасларымыздың күлкиси турмысымызға мазмун бағышлап, ертеңги күнимизге болған исенимимизди және де беккемлейди.

Бүгин мәмлекетимизде ҳаял-қызларға көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет реформалардың бас өлшеминде өз көринисин таппақта. Ҳаял-қыз тек ғана шаңарақтың периштеси емес, ал Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына шексиз үлес қосып атырған пидайы заманлас, дана басшы ҳәм белсенди дөретиўши сыпатында қәдирленбекте. Салтанатлы байрам илажы да мине усы ийгиликли қәдириятлардың және бир айқын көриниси болды.

Мәмлекетимиз басшысы мәресимде шығып сөйлеп, барлық ҳүрметли аналар, қәдирли апа-қарындасларды қызғын қутлықлады.

– Инсан турмысын, жәмийеттиң раўажланыўын ҳаял-қызларсыз, олардың жақсы пазыйлетлерисиз көз алдымызға келтирип болмайды. Биз сизлердиң тымсалыңызда Үшинши Ренессанстың дөретиўшиси болып ортаға шығып атырған 22 миллионлық жас әўладты аналық меҳир менен тәрбиялап, камалға келтирген уллы бир күшти көремиз. Сизлер исбилермен, илимпаз, муғаллим, шыпакер, инженер, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, бир сөз бенен айтқанда, шаңарақларымыздың периштеси, шаңарақ ҳәм жәмийеттиң сүйениши, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз, – деди Президентимиз.

Мәмлекетимизде соңғы жыллары ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў, олардың жәмийетлик турмыстағы ролин арттырыў бойынша пүткиллей жаңа система қәлиплестирилгени атап өтилди. Қабыл етилип атырған нызам ҳәм қарарлар гендер теңлик мәселелерине айрықша итибар қаратылып, ҳаял-қызлардың мәплерине тәсири баҳаланбағанша ҳеш бир нызам қабыл етилмейтуғыны белгиленген.

Усы сиясат нәтийжесинде белсенди исбилермен ҳаял-қызлар қатламы қәлиплесип, бүгинги күнде олардың саны 230 мыңға шамаласты. Аўыл хожалығында 12 мыңнан аслам фермер ҳаял-қызлар мийнет етпекте, илим тараўында болса 6 мыңнан аслам илимпазлар жумыс алып бармақта.

Қызларымыз халықаралық спорт жарысларында елимиздиң абырайын мүнәсип қорғамақта. Атап айтқанда, өткен жылы олар жәҳән ареналарында 167 алтын, 193 гүмис ҳәм 243 қола медалын қолға киргизди.

Ҳаял-қызларымыз турмысындағы бундай унамлы өзгерислер халықаралық майданда да тән алынбақта. Соның ишинде, Өзбекстан Парламентлераралық аўқамның “Парламенттеги ҳаял-қызлар” рейтингинде 92 текше жоқарылап, 36-орынды ийеледи. “Гендер теңлик ҳәм басқарыў” индексинде мәмлекетимиз 103-орыннан 52-орынға көтерилди. Жәҳән банкиниң “Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам” индексинде болса 43 текшеге жақсыланып, 48-орынды ийеледи.

Мәмлекетимиз басшысы түрли тараўлардағы мийнети, таланты ҳәм ақыл-ойы менен Жаңа Өзбекстанды қурыўға мүнәсип үлес қосып киятырған ҳаял-қызларымызға, халықаралық майданларда Ўатанымызды дүньяға танытып атырған қызларымызға, олардың ата-аналары, устаз ҳәм тренерлерине шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм оларды исбилерменликке тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өткен жылы бул мақсетлер ушын 23,5 триллион сум кредит ажыратылып, буның нәтийжесинде 425 мыңнан аслам ҳаял-қызлар исбилермен болды.

Быйыл да ҳаял-қызлардың экономикалық белсендилигин арттырыў бойынша кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылады. Атап айтқанда, 166 мың ҳаял-қызлар заманагөй кәсип ҳәм исбилерменликке, және 100 мыңы мәлимлеме технологиялары тараўына оқытылады.

Сондай-ақ, “Дәраматлы ҳаял” бағдарламасы жолға қойылып, жумысты үйге алып ислеў, өнерментшилик, қусшылық, пал ҳәррешилик ҳәм қыйтақ жер деп өним жетистириў сыяқлы бағдарларда 50 мың ҳаялдың бәнтлиги тәмийинленеди. “Ҳамроҳ” бағдарламасы шеңберинде ҳаял-қызлардың 3 мың бизнес жойбарына 1 триллион сум ажыратылыўы белгиленген.

Улыўма, усы жылы 1,5 миллион ҳаялды дәраматлы етиў, соннан 400 мыңын исбилерменликке тартыў мақсет етилген. Бул жумыслар ушын 25 триллион сумнан аслам ресурс қаратылады.

Президентимиз мәмлекетимизде қызлардың билим алыўы ушын жаратылып атырған имканиятларға да тоқтап өтти. Бүгин жоқары оқыў орынларында билим алып атырған қызлардың саны 904 мыңнан артып, жәми студентлердиң 54 процентин қурамақта. Стажёр-изертлеўшилер ҳәм докторантурада оқып атырғанлардың да 61 процентин ҳаял-қызлар қурап атырғаны айрықша атап өтилди.

Жаңа оқыў жылынан баслап жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы қызлар ушын мәмлекетлик грант квотасы еки есеге арттырылып, 4 мыңға жеткериледи. Сондай-ақ, дүньядағы жетекши жоқары оқыў орынлары менен биргеликтеги билимлендириў тийкарында магистратурада оқып атырған студент-қызлардың контракт төлемлери де мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи.

Жас ҳаял-қызлардың инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр жылы кеминде 10 бағдар бойынша стартап таңлаўлары өткерилип, ҳәр бир жеңимпазға Инновация қорынан 500 миллион сумға шекем грант ажыратылады.

Илажда ҳаял-қызлар ҳәм балаларға болған күш көрсетиў ҳәм зорлыққа қарсы гүресиў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли тийкарғы бағдарларынан бири екени атап өтилди.

Жақында ҳаял-қызлар ҳәм балаларды ҳәр қандай зорлықтан қорғаўға қаратылған жаңа Президент пәрманына қол қойылды. Енди ҳаял-қызлар ҳәм балаларға қарата ҳәр қандай зорлық, күш көрсетиў жағдайларына қарсы қатаң система тийкарында гүрес алып барылады.

Сондай-ақ, жазаны орынлаў мәкемелеринде жазаны өтеп атырған ҳаял-қызларды жәмийетке реинтеграциялаў мақсетинде “Жаңа өмир” бағдарламасы әмелге асырылатуғыны белгиленди. Оған бола, қамақтағылар 3-6 айлық кәсипке оқытыў бағдарламалары арқалы өнер ийелейди, жоқары билимлендириў мәкемелерине кириў ҳәм аралықтан билим алыў имканиятына ийе болады.

– Биз өз алдымызға, бәринен бурын, инсан бахты, инсан қәдири ушын хызмет ететуғын үлкен мақсетлерди қойғанбыз. Себеби инсан бахты – шаңарақтан басланады, шаңарақ болса ҳаял менен беккем. Бул бағдарда қызларымыздың мәнаўий тәрбиясы шешиўши орын ийелейтуғынына гүман жоқ, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Дүньядағы жағдай қәўетерли болып баратырған бир ўақытта елимиздеги тынышлық ҳәм татыўлық уллы жемис екенин және де терең сезинбектемиз. Пәтия беретуғын апалар, ҳүрметли аналар шаңарақларда бул жемистиң қәдирине жетиў, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм перзентлер, ақлықларға шүкиршилик сезимин сиңдириўде өрнек болатуғынына исеним билдирилди.

Илажда елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир топар ҳаял-қызларға мәмлекетимиздиң жоқары атақлары, орден ҳәм медальлары, сондай-ақ, илим, билимлендириў, мәденият ҳәм жәмийетлик жумысларда белсенди болған 28 қәбилетли қызға Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық салтанатлы түрде тапсырылды.

– Жаңа Өзбекстанды ҳаял-қызлары турмыстан разы болып, бахытлы жасайтуғын мәмлекетке айландырыў – мениң ең үлкен нийетим. Сиздей пидайы, күш-ғайратлы, мийнеткеш ҳаял-қызларымыз, пүткил халқымыз бенен бирге ийгиликли мақсетлеримизге, әлбетте, ерисемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Байрам шеңберинде “Өзбекстан” халықаралық әнжуманлар сарайында салтанатлы концерт қойып берилди.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ, ӨзА