Мақтанышлы кәсиптен камал тапқан устаз

Инсаният тарийхында әййемги дәўирлерден берли ҳаял-қызларға айрықша ҳүрмет көрсетилип келинген. Себеби, ҳаяллар тек ғана турмысымыз гүлтажы емес, ал ертеңги күнимиздиң даўамшылары, келешек әўладтың дөретиўшилери болып есапланады.
Елимизде ҳүрметли апа-қарындасларымыздың байрамы улыўмахалықлық байрам сыпатында шығыс үрп-әдетлери, халқымыздың миллий қәдирият ҳәм дәстүрлери тийкарында белгиленеди. Байрам мүнәсибети менен ҳаял-қызларға жоқары ҳүрмет көрсетиледи. Усындай ҳүрметке ерискен ҳаял-қызларымыздан бири Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң оқытыўшысы Юлдузхан Атаджанова. Ол жақында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланды.
Ол өзиниң 43 жыллық нәтийжели мийнети, бай билим ҳәм тәжирийбеси менен мәмлекетимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар процесинде белсене қатнасып, өзиниң педагогикалық жумысы даўамында көплеген шәкиртлерин ана Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға үлкен үлес қосқан устаз сыпатында усы жоқары ҳүрметке мүнәсип деп табылды.
Ю.Атаджанованың оқытыўшылары Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы көлеминдеги таңлаўларда белсене қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
Ол бир неше мәрте Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият ҳәм спорт ислери министрлигиниң “Ҳүрмет жарлығы,” дипломы, Қарақалпақстан Республикасы Рус мәденият орайының “Ҳүрмет жарлығы,” 2013-жылы болса, Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының “Академик саз әсбаплары ҳәм эстрада атқарыўшылығы” республикалық таңлаўында “Ҳүрмет жарлығы” менен сыйлықланды. Сондай-ақ, 2014-жылы “Эътироф–2014” таңлаўында Юлдузхан Атаджанова “Жылдың ең жақсы концертмейстри” номинациясы жеңимпазы болды.
Ю.Атаджанова бүгинги күнде Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектебиниң концерт бағдарламаларында, Бердақ атындағы музыкалы театрындағы “Қайын ене,” “Өлим жазасы,” “Алпамыс,” “Тирсеклер,” “Хуждан,” “Сүймегенге сүйкенбе” музыкалы драмалары ҳәм С.Юдаковтың “Майсараның иси” комедиялық операларында хор болыў менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы көлеминде өткерилип атырған үлкен концертлерде К.Сержанов, Р.Кутекеева, Е.Айтниязова, Д.Хожамбергенов, У.Темирханов, А.Каллыев, Б.Узақбергенов, Ж.Султабаев, Ж.Пиязов ҳәм басқада көплеген белгили қосықшылар, Қ.Заретдинов, Н.Мухамметдинов, Ш.Пахратдинов, Т.Есиркепов, У.Абдуллаевалар сыяқлы композиторлар менен биргеликте дөретиўшилик жумыслар алып бармақта.
Юлдузхан Атаджанова ҳәзирги күнде Нөкис қәнигелестирилген мәденият ҳәм көркем өнер мектебинде “Фортепиано қәнигелиги” оқытыўшысы болып ислемекте.
Ҳаял әзелден меҳир-мүриўбет ҳәм садықлық тымсалы болып келген. Инсан, шаңарақ, ҳаял түсиниклерин бир-биринен ажыралған ҳалда көз алдымызға келтирип болмайды. Шаңарақты да, жәмийетти де бирлестирип, оған қут-берекет киргизетуғын, шаңарақларымызды меҳир-муҳаббат, гөззаллық, жақсылық нуры менен нурландыратуғын инсанлар да тийкарында ҳүрметли аналарымыз, меҳрибан апа-қарындасларымыз болып есапланады. Мине, усындай инсанлардың бири Юлдузхон Атаджанованы да гөззаллық әййямы болған байрам менен қутлықлап, оларға узақ өмир, шаңарақлық бахыт-ығбал, бәҳәрги кейпият жолдас болыўын тилеп қаламыз. Ерискен жетискенликлери даўамлы болсын, деймиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.