Инсан тәғдири  менен жалғасқан өмир

14

Күш, меҳир, илҳам тымсалы

Медицина – инсан өмири ушын гүресетуғын муқаддес кәсип. Бул тараўда шыпакерлер менен бир қатарда наўқасқа ең жақын, ең меҳрибан инсанлар – мийирбийкелер болып есапланады. Әсиресе, реанимация бөлиминде мийнет етип атырған мийирбийкелердиң жуўапкершилиги және де жоқары. Мине, усындай пидайы медицина хызметкерлеринен бири – Гүлзар Оразымбетова.

Реанимация бөлими – емлеўхананың ең жуўапкершиликли орынларынан бири. Бул жерде ҳәр бир секунд қымбатлы. Наўқастың дем алыўы, жүрек соғыўы, жағдайы турақлы қадағалаўда болады. Әне усындай әҳмийетли ўақытларда наўқас жанынан бир адым да узақласпайтуғын инсан – реанимация мийирбийкеси. Канадалы шыпакер Уильям Ослер айтқанындай « Ең жақсы мийирбийке базыда билимли шыпакерден де көп пайда келтиреди, себеби ол бәрқулла наўқастың жанында болады»,-дегениндей Гүлзар Оразымбетова да мине усындай жуўапкершиликли ўазыйпаны шын кеўилден атқарып атырған пидайы мийирбийкелердиң бири.

Нөкис районы Шортанбай елатында туўылып өскен Гүлзар мектепти тамамлағаннан соң, Нөкис медицина билим журтында билим алады. Балалықтағы шыпакер болыў әрманы менен ол орта буўын медицина хызметкери кәсибинде отыз жылдан аслам ўақыттан берли мийнет етип келмекте.

Ол дәслепки мийнет жолын  1994-жылы аўыллық поликлиникада аймақлық мийирбийке болып жумыс ислеўден баслап, соң психиатр кабинетте жумысын жалғастырады. 1998-жылдан баслап ол Нөкис районы медицина бирлеспесиниң реанимация бөлиминде  жумыс ислеп келмекте.

Жоқары категориялы мийирбийке болған оның жумыс күни наўқаслардың жағдайын бақлаў, шыпакер көрсетпелерин өз ўақтында орынлаў, зәрүр емлеўлерди әмелге асырыў менен өтеди. Бирақ бул жумыстың ең әҳмийетли тәрепи – инсанларға меҳир ҳәм үмит бағышлаў болып есапланады.

Наўқас ушын гейде дәри-дәрмақтан да бетер шийрин сөз, мийрим-шәпәәт үлкен күш береди. Гүлзар наўқаслар менен сөйлесиўде мине усы адамгершиликти биринши орынға қояды. Соның ушын да оның мийнети наўқаслар ҳәм олардың жақынлары тәрепинен үлкен миннетдаршылық пенен тән алынады.

Реанимация бөлиминде түнлер уйқысыз өтеди. Бирақ ҳақыйқый медицина хызметкери ушын ең үлкен сыйлық – қутқарылған инсан өмири болып есапланады. Наўқастың саўалып, өз аяғы менен емлеўханадан шығып кеткенин көриў болса ҳәр қандай шаршаўды умыттырады.

Гүлзар мийнетлерине жараса тараўда бир неше мәрте Ҳүрмет жарлықлары ҳәм миннетдаршылық хатлары менен сыйлықланды. Ол кәсип пидайысы болыўы менен бирге шаңарақта өмирлик жолдасы Досанбай менен бирге ул-қызларын камалға келтирип, келин түсирип, өз ҳүрметине ийе болған меҳрийбан ата-ана. Қоңсы-қоба, жақынлары, жәмәәти арасында ол пидайылығы, адамгершилик пазыйлетлери менен олардың кеўиллеринен орын алған.

-Реанимацияда ислеў аңсат емес, бирақ мен сол машақаты менен усы кәсипке меҳир қойғанман. Ҳәр бир наўқас тәўир болып кетиў үмити менен жатады. Оларға жәрдемим тийсе, алғысларын алсам мен ушын үлке қуўаныш. Мен кәсибим менен мақтанаман, – дейди ол күлимлеп.

Гүлзар Оразымбетова сыяқлы пидайы мийирбийкелер медицина тараўының ҳақыйқый қаҳарманлары болып есапланады. Олар инсан өмирин сақлаў жолында өз мийнетин, сабыр-тақатын ҳәм меҳирин аямайды. Оның машақатлы кәсиптеги  өмир жолы миннетдар болған инсанлардың алғыслары менен нурға толып бара бергей.

                            Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги