Өзбек илимпазлары вирусқа қарсы жаңа препарат жаратты

Грипп ҳәм өткир респиратор вируслы инфекциялар дүнья халқының саламатлығы ушын ең қәўипли қәўиплерден бири болып есапланады. Ҳәр жылы мыңлаған инсанлар вируслы кеселликлер менен кеселленеди. Әсиресе, гүз ҳәм қыс мәўсиминде бундай инфекциялар тез тарқалады.
Өзбекстанда медицина ҳәм фармацевтика тараўында бул бағдарда илимий излениўлер алып барылмақта. Усы бағдардағы әҳмийетли илимий қолланбалардан бири Өзбекстан Илимлер академиясы Полимерлер химиясы ҳәм физикасы институтының илимпазлары тәрепинен жаратылған жаңа вирусқа қарсы препарат болып есапланады. Илимпазлар тәрепинен ислеп шығылған “ЦелАгрип” препараты вирусларға қарсы активликке ийе болып, интерферон индукторы сыпатында баҳаланбақта.
“ЦелАгрип” препараты организмге тиккелей вирусқа қарсы тәсир көрсетиўге қарағанда, инсанныӊ иммун системасын жеделлестириў арқалы қорғаныўды күшейтеди. Яғный, препарат организмде интерферонлар ислеп шығарылыўын хошаметлейди. Интерферонлар болса вирусларға қарсы тәбийғый қорғаў ўазыйпасын атқарыўшы әҳмийетли белоклардан болып есапланады.
Нәтийжеде организм вирус пенен гүресиўге алдыннан таяр жағдайға келеди. Бул болса кеселликтиң аўыр өтиўин азайтыў, организмниң қарсылық күшин арттырыў ҳәм инфекциялардың раўажланыў итималын азайтыўға хызмет етеди. Ҳәзирги күнде, “ЦелАгрип” дәри қуралының барлық нормативлик-техникалық ҳүжжетлериниң жойбарлары таярланған.
Вируслы кеселликлердиң кең тарқалыўы шараятында профилактика ҳәм иммунитетти беккемлеўге қаратылған препаратлар айрықша әҳмийетке ийе. “ЦелАгрип” сыяқлы интерферон индукторлары организмниң тәбийғый қорғаныў системасын жеделлестириў арқалы кеселликлерге қарсы гүресиўде нәтийжели қурал болыўы мүмкин.
Буннан тысқары, бундай илимий қолланбалар халықтың саламатлығын беккемлеў ҳәм заманагөй фармацевтика өнимлерин жаратыўда әҳмийетли орын иелейди.
Өзбекстан илимпазлары тәрепинен жаратылған “ЦелАгрип” препараты вируслы инфекцияларға қарсы гүресиўде перспективалы илимий қолланбалардан бири сыпатында баҳаланбақта.
Илимий излениўлер тийкарында жаратылып атырған бундай дәри қураллары денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў, халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм миллий илим потенциалын көрсетиўде әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.
Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзАның хабаршысы