Сырт ел пуқараларына ҚҚСны қайтарыў системасы жолға қойылды

2026-жыл 1-апрельден баслап:
республиканың барлық халықаралық аэропортларында сырт ел пуқараларына қосымша қун салығын (ҚҚС) қайтарыў системасы жолға қойылады;
сырт ел пуқараларына олардың қәлеўине бола ҚҚСны нақ пулда қайтарып алыў имканияты жаратылады. Онда ҚҚСның белгиленген ставкасы муғдарының 85 проценти сырт ел пуқарасына қосымша қун салығы суммасын қайтарыўға, 15 проценти “tax free” системасы операторының хызметлерине қаратылады;
ҚҚСны сырт ел пуқараларының банк картасына қайтарыў товарлар алып шығып кетилген күннен кейин 3 жумыс күнинен көп болмаған мүддетте әмелге асырылады;
сырт ел пуқараларына ҚҚСны қайтарыўда минимал сатып алыў баҳасы қосымша қун салығын есапқа алған ҳалда үш жүз мың сум етип белгиленеди;
“tax free” системасы қолланылатуғын товарлардың шекленген дизим (азық-аўқат өнимлери буған кирмейди) бийкар етиледи.