Лизингге алынған техниканы жасырыўдан пайда шықпады

Ташкент районлар аралық экономикалық судының 2024-жыл 13-октябрь күнги орынлаў ҳүжжетине тийкар лизинг объекти болған XCMG маркалы автогрейдерди Бозатаў районында жайласқан “IDEYA SOFT STROY” ЖШЖдан “Auto Truck Leasing” ЖШЖға қайтарыў белгиленди.
Бул орынлаў ҳүжжети Мәжбүрий орынлаў бюросы Бозатаў районы бөлиминиң ис жүргизиўине келип түсип, бөлим хызметкерлери тәрепинен орынлаў ҳәрекетлерине кирисилди. Бирақ, орынлаў ҳәрекетлери жуўапкердиң судқа киргизген арзасына бола, шығарылған суд ажыраты тийкарында 2026-жыл январьға шекем ўақтынша тоқтатылды.
Буннан кейин, орынлаў ҳәрекетлери даўам еттирилип, жуўапкер шөлкем жайласқан мәнзилге бир неше мәрте барғанында лизингке алынған мүлк бул мәнзилде жоқ екенлиги анықланды.

Бюроның Бозатаў районы хызметкерлери тәрепинен усы жылдың 24-февраль күни алып барылған орынлаў ҳәрекетлери нәтийжеси қайтарылыўы керек болған арнаўлы техника Тақыятас районында жайласқан орынлаў исине байланысы болмаған шөлкемниң имаратына жасырылғаны анықланып, мүлк даўагер “Auto Truck Leasing” ЖШЖға тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги