Терини қайта ислеўге қәнигелескен кәрхананың жумыслары үйренилди

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының биринши орынбасары М.Уразалиев Нөкис қаласындағы терини қайта ислеўге қәнигелескен «Orient TECHNOLOGY» қоспа кәрханасының жумысы менен жақыннан танысты.
Бул кәрхана тәрепинен ислеп шығарылып атырған ярым таяр өнимлерди экспортқа шығарыўда өндирилип киятырған экспорт бажысы бойынша жаратылған жаңа жеңилликлер бойынша кәрхана ўәкиллерине толық түсиниклер берилди. Атап айтқанда, экспорт бажыхана бажы ставкасы (алдын 20 процент, бирақ тоннасына 600 АҚШ долларынан кем болмаған муғдарда еди) 10 процент, бирақ тоннасына 300 АҚШ долларынан кем болмаған муғдарда белгиленген.
Бул кәрхана тәрепинен 2025-жыл даўамында баҳасы 966 мың АҚШ доллары муғдарында 39 тонна тери ҳәм жүн өнимлери экспортқа бағдарланған. Быйыл бүгинги күнге шекем баҳасы 237 мың АҚШ доллары муғдарында 39 тонна тери ҳәм жүн өнимлериниң экспорты әмелге асырылған.
Сондай-ақ, усы кәрхананың жумысын кеңейтиў, ярым таяр өнимлерден алдағы ўақытлары таяр өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў мақсетинде 5 миллион долларлық жаңа инвестициялық жойбарды иске қосыўдың жуўмақлаўшы басқыш жумыслары әмелге асырылмақта.
Басқарма баслығының биринши орынбасары М.Уразалиев Нөкис қаласында жайласқан “Өзтемиржолконтейнер” АЖға қараслы қоймахананың жумысы менен де танысты.
“Өзтемиржолконтейнер” АЖға қараслы республикамызда жайласқан усы қоймахана 2025-жылы жумысын баслаған болып, бул қоймахана автомобиль ҳәм темир жол транспортында тасылып атырған бажыхана қадағалаўы астындағы товарларды қабыллаў, қайта жүклеў ҳәм сақлаў хызметлерин көрсетип келмекте.
Мағлыўмат ушын, “Өзтемиржолконтейнер” АЖға қараслы қоймахана тәрепинен 2025-2026-жыллар даўамында жәми 387 партиядағы баҳасы 13 млн. 882 мың АҚШ доллары ҳәм салмағы 210 тоннаға тең бажыхана қадағалаўындағы товарлар сақлаўға қабыл етилген.
Сондай-ақ, бул кәрхана темир жол арқалы жүк тасыў хызметлерин әмелге асырыў, жүк вагонлары ҳәм контейнер хожалығын сақлаў ҳәм раўажландырыў, мультимодал “есиктен-есикке” тасыўларды жолға қойыў, логистика орайлары ҳәм терминалларын шөлкемлестириў сыяқлы бағдарларда жумыс алып бармақта.
Үйрениў даўамында қоймахананың жуўапкер хызметкерлерине қоймахананың жумысын жүргизиўде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 21-февральдағы 80-санлы қарары менен тастыйықланған бажыхана қоймаханасын шөлкемлестириў ҳәм оның жумысын лицензиялаў талапларына қатаң әмел етиў бойынша зәрүр тапсырмалар ҳәм көрсетпелер берилди.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги