Бахтиёр Саидов Әзербайжан сыртқы ислер министри Жейҳун Байрамов пенен телефон арқалы сөйлести
12

Сөйлесиў даўамында Байрамов Нахчиван Автоном Республикасына ушыўшысыз ушыў аппаратлары арқалы әмелге асырылған ҳүжимге байланыслы жағдай бойынша толық мағлыўмат берди. Бул ҳүжим нәтийжесинде тыныш халық жәбирленгени ҳәм пуқаралық инфраструктурасына зыян жеткерилгени атап өтилди.
Өз гезегинде, Өзбекстан тәрепи бул ушыўшысыз ушыў аппаратлары арқалы әмелге асырылған ҳүжимлер бойынша айрықша қәўетерлениў билдирди. Халықаралық ҳуқық принциплерине қайшы келетуғын, басқа мәмлекеттиң суверенитети ҳәм аймақлық пүтинлигин бузатуғын бундай ҳәрекетлер пүткиллей қабыл етилмейтуғыны атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги