Биофармацевтика ҳәм косметика бағдарында кеминде 400 миллион долларлық жойбарлар қәлиплестириледи

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында фармацевтика тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды. Илажда фармацевтика кәрханаларының ўәкиллери де қатнаспақта.
Оригинал дәри жаратылғаннан 20-30 жыл өтип, басқа фармацевтика кәрханалары да бул дәрини ислеп шығарыўы мүмкин. Қайсы компания ҳәрекет етип, усы дәрини ислеп шығарыў технологиясын тезирек өзлестирсе, шек соныки болады.
Ең әҳмийетлиси, талап жоқары болған бундай дәрилердиң ишки базардағы баҳасы 5 есеге шекем арзан болады.
Сол себепли, мине, усындай дәри қуралларын бир жыл ишинде өзимизде ислеп шығарыўды баслаған кәрханалардың технологияларды трансферлеў қәрежетиниң ярымы Фармацевтика қорынан қаплап бериледи.
Сондай-ақ, ең көп импорт етилип атырған 100 түрдеги дәри-дәрмақларды ислеп шығарыўды көбейтемен деген исбилерменлер ушын “Ташкент фарма парк” кластери аймағы және 100 гектарға кеңейтиледи.
Қубла кореялы бирге ислесиўшилер өткен жылы “Ташкент фарма парк”ке қосып берилген 60 гектар жерди басқарыўға алыў усынысын берген. Олар өз есабынан инфраструктураға 40 миллион доллар киргизип, бул аймаққа Кореяның абырайлы компанияларын алып келиў тилегин билдирген.
Жуўапкерлерге бул бағдардағы сөйлесиўлерди жуўмақлап, биофармацевтика ҳәм косметика бағдарында кеминде 400 миллион долларлық жойбарларды қәлиплестириў тапсырылды.
ӨзА