Усы жыл ушын минимал тутыныў қәрежетлериниң баҳасы белгиленди

2026-жыл ушын есапланған минимал тутыныў қәрежетлериниң баҳасы бир айда адам басына 715 мың сумды қурады.
Статкомның мәлим етиўинше, бул 2025-жыл (жыллық) инфляцияның азық-аўқат өнимлери, азық-аўқат емес өнимлер ҳәм хызметлер бойынша баҳа индекслери тийкарында өз алдына индекслеў нәтийжесине бола есапланған.
Атап өтилиўинше, дүнья тәжирийбесинде минимал тутыныў қәрежетлери көрсеткишинен кәмбағаллық шегарасы сыпатында пайдаланыў кең тарқалған болып, бул көрсеткиштен:
– мәмлекеттиң материаллық ҳәм басқа да социаллық жәрдемлерине мүтәж халықтың мақсетли (таргет) топарын анықлаў;
– мәмлекеттиң кәмбағаллық шегарасын белгилеўде пайдаланыў ҳәм бунда таргет топардағы халықтың реал тутыныў өзгешеликлери ҳәм талапларын есапқа алыў;
– кәмбағаллыққа қарсы гүресиў стратегиясы ҳәм бағдарламаларында белгиленген ўазыйпа ҳәм илажлардың нәтийжелилигин және мәнзиллилигин арттырыў, сондай-ақ, олардың турақлы мониторингин алып барыў;
– пенсиялар ҳәм напақалардың ең аз муғдарын белгилеў, сондай-ақ, кәмбағал шаңарақларға берилетуғын басқа түрдеги материаллық жәрдемлерди көрсетиўде норма сыпатында пайдаланылады.
Өзбекстан Республикасында да бул әмелият алдынғы халықаралық тәжирийбе ҳәм усыныслар тийкарында ислеп шығылған ҳәм орнатылған тәртипте қабыл етилген методология тийкарында әмелге асырылып келинбекте,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги