Усы жылы фармацевтика бойынша бир миллиард долларлық жаңа жойбарлар қәлиплестириледи

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында фармацевтика тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды. Илажда фармацевтика кәрханаларының ўәкиллери де қатнаспақта.
Мәжилисте усы жылы фармацевтика бойынша 1 миллиард доллар муғдарында жаңа жойбарларды қәлиплестирип, баслаў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Буннан тысқары, ўәлаятлардың ҳәкимликлери тәрепинен жәми 2,5 миллиард долларлық фармацевтика жойбарлары бойынша усыныслар таярланған. Бул жойбарлар есабынан жылына 1 миллиард долларлық импорттың орнын басатуғын дәрилерди ислеп шығарыўды жолға қойыў мүмкин.
Мысал ушын, Әндижанда 203 миллион долларлық 16 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Соның ишинде, 30 миллион долларлық жойбарда Өзбекстанда биринши мәрте қан плазмасынан инсан альбуминин ислеп шығарыўды баслаў нәзерде тутылмақта.
Сырдәрьяда да быйыл 188 миллион долларлық жойбарды иске қосып, тек ғана Аўғанстанның өзине 50 миллион долларлық дәри-дәрмақларды экспорт етиў режеси бар.
Бирақ Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәкимлери усыныс етип атырған жойбарлар 100 миллион долларға да жетпейтуғыны көрсетип өтилди.
Усынылған жойбарлардың экономикалық нәтийжелилигин үйренип, әмелге асырыў илажларын көриў тапсырылды. Жуўапкерлерге төмен қуўатлылықта ислеп атырған ямаса мүлки банк балансына алынған кәрханаларды саламатландырыў бағдарламасын баслаў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА