Президентимиз фармацевтика кәрханалары ушын жаңа имканиятларды жәриялады

11

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.

Исбилерменлер барлық аймақларда да фармазоналар жоқ екенлиги себепли, оларға берилген салық жеңиллигин басқа кәрханаларға да қолланыўды сораған. Президентимиз буны қоллап-қуўатлады ҳәм фармацевтика кәрханалары ушын жаңа имканиятларды жәриялады.

Усы жыл 1-апрельден баслап қай жерде жайласқанына қарамастан, жаңа фармацевтика қуралларын ислеп шығарыў, дәрилик өсимликти жетистириў ҳәм қайта ислеў бағдарындағы жойбарлар басланғанынан баслап үш жыл мүддетке жер салығынан азат етиледи. Исбилерменлер жойбар иске қосылғанынан баслап үш жыл даўамында пайда ҳәм мүлк салықларын төлемейди.

Соның менен бирге, биологиялық актив қосымша ҳәм косметика қуралларын ислеп шығарыўшылар да шийки зат, үскене, аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклерди импорт бажысынан азат етиледи, фармацевтика кәрханаларына өз линиясында биологиялық актив қосымша ислеп шығарыўға руқсат бериледи.

Буннан былай ҳәр жылы 1-июльға шекем локализациялаў усыныс етилетуғын дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлардың дизими исбилерменлерге жәрияланып барылады.

Дизимдеги дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў бойынша жойбар ислемекши болған исбилерменлерге сырт ел валютасында 7 процентлик кредитлер бериледи.

Сондай-ақ, бар өнимлери бойынша локализациялаўды тереңлестирмекши болған исбилерменлерге Санаат кооперациясы қорынан 10 жылға шекем сырт ел валютасында 6 процентлик, миллий валютада 12 процентлик кредит ажыратылады.

ӨзА