Сергеклик, қәдириятларға ҳүрмет – жарқын келешек…

14

Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында студент-жаслардың руўхый дүньяқарасын байытыў, миллий қәдириятларға ҳүрмет руўхын беккемлеў ҳәм диний экстремизм ҳәм терроризм сыяқлы қәўип-қәтерлерге қарсы сергекликти арттырыўға қаратылған ағартыўшылық ушырасыўы шөлкемлестирилди. 

Илаж “Миллий қәдириятлар ҳәм олардың миллет руўхыйлығындағы орны” және “Мен диний экстремизм ҳәм терроризм қәўпин қалай түсинемен” темаларына бағышланды.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының бас қәнигеси Х.Незаматов, усы басқарманың ҳаял-қызлар мәселелери бойынша қәнигеси Х.Ибрагимова, ИИМниң Терроризмге қарсы гүресиў басқармасынан С.Танабергенов ҳәм Нөкис қаласы “Муҳаммед Бахый Ийшан” мешитиниң имам-хатиби Ш.Худайбергенов, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Қәнигелер тәрепинен миллий қәдириятлардың жәмийеттиң руўхый турмысындағы орны, жаслардың санасында саламат дүньяқарасты қәлиплестириў, жат идеялардың алдын алыў ҳәм диний кеңпейиллик принциплерин беккемлеў мәселелери айрықша атап өтилди. Шығып сөйлегенлер глобалласыў шараятында мәлимлеме ағымының кескин артып баратырғаны жасларды ҳәр қыйлы зыянлы тәсирлерден қорғаўда ағартыўшылық, сергеклик ҳәм сын көзқарастан пикирлеў үлкен әҳмийетке ийе екени айтылып, диний экстремизм ҳәм терроризмниң тийкарғы мәниси, олардың жәмийеттиң турақлылығына салатуғын қәўпи және бундай қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде ҳәр бир пуқараның жуўапкершилиги ҳаққында түсиниклер берилди.

Қәнигелер жасларды исенимсиз мәлимлеме дереклерине берилмеўге, нызамларға ҳүрмет руўхында жасаўға және миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға садық болыўға шақырды.

Ашық сәўбетлесиў тәризинде өткен илаж сораў-жуўапларға бай болып, студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги