Ҳәкимлерде аймағындағы фармацевтика кәрханалары менен сөйлесип, олар көтерген мәселелерге шешим табатуғын система жоқ екенлиги көрсетип өтилди

9

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында фармацевтика тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды. Илажда фармацевтика кәрханаларының ўәкиллери де қатнаспақта.

– Медицинадағы кең көлемли реформаларымыз, басланғыш буўында профилактиканың күшейтилиўи кеселликлерди емлеў менен бирге оның алдын алыўға қаратылған препаратларды көбейтиўди талап етпекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтан, жуўапкерлердиң алдында усы жылы тараўға кеминде 1 миллиард доллар инвестиция алып келиў, сапаны арттырыў ҳәм сырт елдиң жетик фармацевтика компаниялары менен биргеликте жаңа өндирис қуўатлықларын иске қосыў арқалы ишки тутыныўдағы жергиликли дәри-дәрмақлардың үлесин 2030-жылға шекем 70 процентке жеткериў, келеси бес жылда экспортты 1 миллиард долларға алып шығыў ўазыйпаларыныӊ турғаны атап өтилди.

Бул бағдарда 100 ден аслам ислеп шығарыўшылар, 50 ден аслам импортёрлар, 300 ге шамалас көтере ҳәм усақлап сатыў кәрханалары, инвесторлар менен тараўдағы мәселелер додаланды, билдирилген усыныс ҳәм басламалар тийкарында үлкен қарар жойбары таярланды.

Соған қарамастан, ҳәкимлерде аймағындағы фармацевтика кәрханалары менен сөйлесип, олар көтерген мәселелерге шешим табатуғын система жоқ екенлиги көрсетип өтилди.

ӨзА