Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған фармацевтика өнимлери 55 мәмлекетке кирип барды

6

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында фармацевтика тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси басланды. Илажда фармацевтика кәрханаларының ўәкиллери де қатнаспақта.  

Мәмлекетимиз басшысы бул тараў инсан саламатлығы, турмыс сапасы, керек болса, экономикалық қәўипсизлик пенен де байланыслы екенин атап өтти.

Жаратылған шараятлар есабынан кейинги тоғыз жылда тараўға 1,8 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 140 жаңа қуўатлық иске қосылды, кәрханалардың саны 300 ден асты, соннан 58 и дәри ислеп шығарыўшылар болып есапланады.

Өндирис көлеми 3,5 есеге өсип, 7 триллион 300 миллиард сумнан артты, жергиликли дәри-дәрмақлар болса 2 есеге көбейди. Өзимизде ислеп шығарылып атырған фармацевтика өнимлери 55 мәмлекетке кирип барды. Фармацевтика тараўындағы жумыс орынларының саны 40 мыңнан асты.

Улыўма, Өзбекстанда дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар базары 2,5 миллиард долларға шамаласты.

ӨзА