Нөкисте болажақ әскерлер күтип алынды

Нөкис темир жол вокзалында Самарқанд, Наўайы, Ферғана, Жиззақ, Қашқадәрья ўәлаятларынан әскерий хызметке шақырылған жигитлер салтанатлы күтип алынды. Миллий армиямыздың қатарын азамат жигитлер менен толықтырыў мақсетинде шөлкемлестирилген салтанатлы илажда Қорғаныў ислери басқармасының жуўапкерлери, МҚХ Шегара әскерлери офицерлери қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер соңғы жыллары елимиздиң Қураллы Күшлери системасында әмелге асырылып атырған реформалар, армиямыздың жаўынгерлик потенциалының артып атырғаны ҳәм әскерлер ушын жаратылып атырған заманагөй шараятларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеў тек ғана ўазыйпа емес, ал ҳәр бир жигит ушын муқаддес парыз болып есапланады.
– Биз Ўатанды қорғаўдай жуўапкершиликли ўазыйпаны жоқары дәрежеде орынлаўға, үйимизге жарқын жүз бенен қайтыўға ўәде беремиз, – дейди болажақ әскерлердиң бири А.Алишеров.
Жаңа мәнзилге қәдем. Салтанатлы күтип алыў мәресиминен соң, жас Ўатан қорғаўшылары Нөкис қаласында жайласқан әскерий бөлимлерге жиберилди. Бул жерде олар әскерий билимлерди ийелеп, физикалық ҳәм руўхый жақтан шынығыў мектебинен өтеди.

Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги