Халықты турақ жай менен тәмийинлеў жумыслары жеделлестириледи

Усы жылдың 24-февраль күни Президенттиң “Халықты турақ жай менен тәмийинлеў жумысларын жеделлестириў ҳәм көп квартиралы турақ жайлар қурылысын нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-29-санлы пәрманы қабыл етилди.
Төмендегилер усы Пәрманның тийкарғы мақсетлери етип белгиленди, атап айтқанда:
• турақ жай қурылысын хошаметлеў ҳәм турақ жайға болған ҳуқықты әмелге асырыў ушын шараятлар жаратыўға байланыслы конституциялық норма талапларын орынлаў;
• көп квартиралы турақ жайлар базарында талапқа муўапық усынысларды пропорционал түрде арттырып барыў;
• көп квартиралы турақ жайлардың қурылысында жер ажыратыў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары процесслерин өз ишине алған инвестициялық-қурылыс дәўириниң даўамлылығын 1,5 есеге шекем қысқартыў.
Пәрманға бола, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда “Жаңа Өзбекстан” массивлери ушын жаңа аймақларды таңлап алыўдың нызамшылықта белгиленген нормальарына сәйкес келетуғын жойбарларға “Жаңа Өзбекстан” массиви статусын бериў арқалы оларға әмелдеги тәртип-қағыйдалар ҳәм қаржыландырыў дереклери қолланылады.
“Жаңа Өзбекстан” массивлериниң жол-транспорт инфраструктурасы жойбарларын ислеп шығыўда қайта тикленетуғын энергия дәреклери қурылмалары, энергияны үнемлейтуғын үскенелер, альтернатив ыссылық системаларынан кеңнен пайдаланылады ҳәм “жасыл” транспорт орталығы жаратылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги