Сырт ел хабарлары: Дубайдағы АҚШ консуллығына дрон ҳүжими (+видео)

23

АҚШ ҳәм Эквадор наркотрафикке қарсы қоспа операция өткерди


АҚШ ҳәм Эквадор әскерлери Латын Америкасында “терроршылық шөлкемлери” деп аталған топарларға қарсы биргеликте әмелият өткерди. АҚШ Қубла сәркардалығы операция жуўмақланғанын мәлим етти. Америкалы әскерий кеңесгөйлер режелестириў ҳәм разведка жумысларында қатнасқан, тийкарғы ҳәрекетлер болса Эквадор қураллы күшлери тәрепинен әмелге асырылған. Операция детальлары жәрияланбады.

Иранда Мужтабо Хаменеи жаңа жоқары басшы етип сайланды

Иран Ислам Республикасында қайтыс болған жоқары басшы Аятоллаҳ Али Хоманаийдиң улы Мужтабо Хаменеи мәмлекеттиң жаңа диний басшысы етип сайланғаны хабар етилди. Қарар 88 уламадан ибарат Кеңес тәрепинен қабыл етилгени айтылмақта. Ҳәзирше рәсмий тастыйықланбаған, мәмлекетти ўақытша үш адамнан ибарат кеңес басқармақта.

Сирия Ливан менен шегарада әскерий қатнасыўын күшейтти

Сирия Қорғаныў министрлиги Ливан менен шегарадағы әскерий ҳәрекетти күшейткенин мәлим етти. Аймаққа пияда әскерлер, бронлы техника ҳәм қысқа аралыққа ушыўшы ракета қурылмалары жайластырылған. Рәсмийлер бул илажлар шегара қадағалаўы ҳәм контрабандаға қарсы гүресиў мақсетинде әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Дубайдағы АҚШ консуллығына дрон ҳүжими уйымластырылды

БАӘниң Дубай қаласындағы АҚШ консуллығы дрон ҳүжимине ушырады. Ҳәдийсе ақыбетинде өрт келип шыққан, ол қысқа ўақыт ишинде сапластырылған. Жәбирленгенлер жоқ. Ўақыя региондағы әскерий кескинлик фонында жүз берди.

Германия Украинаға газ жеткерип атырғаны ҳаққындағы даўаларды бийкарлады

Германия ҳүкимети Украинаға “немис гази” жеткерип берилип атырғаны ҳаққындағы даўаларды бийкарлады. Рәсмийлерге бола, мәмлекет аймағы арқалы тек ғана транзит ағымлары өтпекте. Украина компаниясы тәрепинен сатып алынған суйылтырылған тәбийғый газ Рюген атаўында қайта газлестирилип, қубырлар арқалы жеткерип берилмекте.

Ҳиндстанда жасалма интеллект жаратқан жалған қарарлар анықланды

Ҳиндстан Жоқарғы суды Андхра-Прадеш штатындағы төменги судья мүлк даўы бойынша шешим шығарыўда жасалма интеллект жаратқан жалған суд қарарларына сүйенгенин анықлады. Суд инсан қадағалаўы зәрүрлигин атап өтип, исти қосымша үйрениўге қарар етти.

Дүньядағы ең абырайлы мәмлекетлер — 2026-жыл рейтинги

Global Soft Power Index 2026 рейтингине бола, АҚШ 74,9 балл менен биринши орынды ийеледи. Екинши орында Қытай жайласқан. Европа мәмлекетлеринен Уллы Британия, Германия ҳәм Франция жоқары көрсеткиш көрсеткен. Рейтинг мәмлекеттиң абырайы экономикалық ҳәм әскерий қүдиреты менен бирге халықаралық исеним ҳәм имиджге де байланыслы екенин көрсетеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги