Социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар ушын жаңа имканият

15

Қанлыкөл районындағы Мәденият орайында социаллық қорғаў реестрине киргизилген шаңарақларға мәмлекет тәрепинен берилип атырған жеңилликлер ҳәм жәрдемлер бойынша түсиндириў жумысларын алып барыў мақсетинде семинар шөлкемлестирилди.

Мақсет – райондағы исбилерменлик орталығын және де жақсылаў, халықтың өз бизнесин жолға қойыўына жәрдемлесиў ҳәм аймақтың экономикалық потенциалын беккемлеў.

Илажға Қанлыкөл районы ҳәкиминиң биринши орынбасары Ф.Халмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министриниң биринши орынбасары А.Кайратдинов, Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлим баслығы А.Сулайманов, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасының банк хызметкери Ж.Турғанбаев, Жаслар ислери басқармасы бас қәнигеси С.Азербаевлар қатнасты.

Семинар даўамында социаллық напақа, субсидия, жеңиллетилген кредит, бәнтлик бағдарламалары ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў механизмлери ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Өткерилген семинар даўамында Президентимиздиң басламасы менен шаңарақлық ҳәм киши бизнести раўажландырыў мақсетинде ажыратылып атырған 12 процентлик жеңиллетилген кредит туўралы да мағлыўматлар берилип, түсиндирилди. Атап айтқанда, қәнигелер тәрепинен кредит алыў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың категориясы, қаржы ажыратыў тәртиби ҳәм шәртлери, сондай-ақ, тийкарғы бағдарлар бойынша толық түсиниклер берилди.

Атап өтилгениндей, қарар тийкарында таңлап алынған мәҳәллелерде перспективалы жойбарларды әмелге асырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм шаңарақлардың дәраматын арттырыў тийкарғы мақсет етип белгиленген. Республикадан бириктирилген ўәкиллер, банк хызметкерлери ҳәм райондағы жуўапкерлер тәрепинен әмелий усыныслар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги