Белгили журналист ҳәм жазыўшы менен дөретиўшилик ушырасыў болып өтти

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Филология факультетинде Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, жазыўшы Пердегүл Хожамуратова менен «Дөретиўшиликке илҳамландырған күш» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.
Студент-жаслардың көркем дөретиўшикке, журналистика ҳәм китапқумарлыққа болған қызығыўшылығын арттырыў, оларды еркин пикирлеў ҳәм дөретиўшилик пенен шуғылланыўға руўхландырыў мақсетинде шөлкемлестирилген илаж қатнасыўшылары дәслеп Әжинияз музейинде болды.
Ушырасыўда факультет деканы Гүлбәҳәр Бегмуратова шығып сөйлеп, Пердегүл Хожамуратованың журналистлик хызметлери, жазыўшының дөретиўшилик жумыслары ҳаққында мағлыўмат берди.
Қазақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының студентлери жазыўшының шығармалары, олардың мазмунын қатнасыўшыларға таныстырды.
Ушырасыў даўамында Пердегүл Хожамуратова өзиниң өмири ҳәм дөретиўшилик жолы, журналистика тараўына кирип келиўи, дәслепки мақала ҳәм дөретпелери, сондай-ақ, дөретиўшилик жумыслары даўамында дус келген сынақлар ҳәм топлаған тәжирийбелери ҳаққында айтып берди.



Студент-жаслар менен болып өткен сораў-жуўаплар оғада қызғын болды. Жаслар журналистиканың өзине тән өзгешеликлери менен бирге, жазыўшы шығармаларының мазмуны, тематикасы, сюжети бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Жазыўшы жасларға өз үстинде тынымсыз ислеў, көп китап оқыў ҳәм қәбилетин жетилистирип барыў бойынша усынысларын берди.
Ушырасыў соңында қазақ тили ҳәм әдебияты кафедрасының баслығы Ырысты Қуттымуратова шығып сөйлеп, Пердегүл Хожамуратованың шығармалары жаслар арасында сүйип оқылатуғынлығын атап өтти ҳәм мийманға байрам саўғаларын тапсырды.
Илаж институттың талантлы студент-жасларының атқарыўындағы көркем-әдебий бөлим менен даўам етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги