“Өзбекстан – 2030” стратегиясы: Ҳәкимшилик әдиллик – нызам үстинлигиниң институционаллық кепиллиги

Бүгинги глобаллық процесслер қурамаласып баратырған шараятта мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм инсан ҳуқықларын исенимли қорғаў мәселеси ҳәр қандай демократиялық раўажланыўдың нормасына айланбақта.
Мәмлекетимизде басқышпа-басқыш әмелге асырылып атырған реформалардың бас идеясы – «Инсан қәдири ушын» принципи – мине усы стратегиялық қатнастың логикалық көриниси болып есапланады. Усы концептуаллық көзқарас шеңберинде мәмлекет ҳәм пуқара арасындағы қатнасықларды ҳуқықый тең салмақлық тийкарында қайта қурыўда ҳәкимшилик әдиллик институты шешиўши әҳмийетке ийе болмақта.
Илимий-ҳуқықый көзқарастан қарағанда, ҳәкимшилик әдиллик – бул мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен суд қадағалаўын әмелге асырыў арқалы инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлейтуғын қурамалы процессуаллық-ҳуқықый механизм болып есапланады. Әпиўайы сөз бенен айтқанда, бул институт пуқара ямаса исбилерменниң мәмлекет пенен жүзеге келген ғалаба-ҳуқықый тартысларда бийғәрез ҳәм қалыс суд қорғаўынан пайдаланыў имканиятын кепиллейди.
Жаңа Өзбекстан шараятында ҳәкимшилик судлардың шөлкемлестирилгени мәмлекетлик-пуқаралық қатнасықлардағы дәстүрий асимметрияны сапластырыў жолында әҳмийетли институционаллық қәдем болды. Егер алдын мәмлекетлик структуралар менен бәсекилесиў әмелде қурамалы ҳәм нәтийжесиз процесс сыпатында қабыл етилген болса, бүгин ҳәкимшилик әдиллик бул қатнасықларда процессуаллық теңлик ҳәм әдиллик балансын тәмийинлеўши тәсиршең қуралға айланды.
Ҳәкимшилик судлаўдың концептуаллық жаңалығы, бәринен бурын, дәлиллеў жүгиниң қайта бөлистирилгенинде көринеди. Пуқаралық ҳәм экономикалық суд ислерин жүргизиўде даўагер өз талапларын дәлиллеўи керек болса, ҳәкимшилик судлаўда ҳәкимшилик уйым шығарған қарардың нызамлылығын ҳәм тийкарлылығын усы уйымның өзи дәлиллеўи шәрт. Бул ҳуқықый мәмлекет принциплериниң әмелий көриниси болып, пуқараның процессуаллық жақтан қорғаў дәрежесин сезилерли дәрежеде арттырады.
Бул көзқарас ҳәкимшилик судларды тек ғана тартысларды шешиўши уйым сыпатында емес, ал мәмлекетлик басқарыў системасында нызамлылықты тәмийинлеўши превентив институт сыпатында да көрсетпекте. Әмелият соны көрсетпекте, лаўазымлы шахс қабыл етип атырған ҳәр бир қарар ямаса ҳәрекеттиң суд қадағалаўынан өтиў итималы оның ҳуқықый жуўапкершиликти терең сезинип ис жүргизиўине умтылдырады.
Усы тийкарда, ҳәкимшилик әдилликтиң раўажланыўы коррупцияға қарсы институционаллық механизмлерди күшейтиўдиң ең нәтийжели бағдарларынан бири сыпатында да көринеди. Себеби, лаўазымлы шахс оның ҳәр бир ҳуқықый ҳәрекети ямаса қарары суд тәрепинен тексерилиўи мүмкин екенлигин аңлаған шараятта нызамсыз жумыс ислеў қәўпи сезилерли дәрежеде азаяды.
Бул бағдарда Мәмлекетимиз басшысы Ш.Мирзиёев тәрепинен суд-ҳуқық системасын халыққа жақынластырыў бойынша белгиленген тийкарғы ўазыйпалар усы тараўдағы реформалардың стратегиялық бағдарын белгилеп берди. Атап айтқанда, 2026-жыл 16-февральда тастыйықланған “Өзбекстан – 2030” стратегиясының төртинши тийкарғы бағдарында мәмлекетлик уйымлар ҳәм лаўазымлы шахслардың жумысы үстинен нәтийжели суд қадағалаўын күшейтиў ҳәм ҳәкимшилик әдилликти институционаллық жақтан және де раўажландырыў айрықша мақсет сыпатында белгилеп қойылған.
Бул стратегиялық ўазыйпалардың басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы нәтийжесинде төмендеги принципиал нәтийжеге ерисиледи: ҳәр бир лаўазымлы шахс өз ўәкиллигин әмелге асырыўда нызам үстинлиги ҳәм суд қадағалаўының сөзсиз екенлигин әмелде сезетуғын ҳуқықый орталық қәлиплеседи.
Жуўмақлап айтқанда, ҳәкимшилик әдиллик – бул заманагөй демократиялық мәмлекеттиң институционаллық “лакмус қағазы”. Оның нәтийжели жумыс алып барыўы пуқараларда мәмлекетлик ҳәкимиятқа болған исенимди беккемлейди, ҳуқықый мәдениятты арттырады ҳәм ең әҳмийетлиси – инсан қәдирин әмелде тәмийинлейди. Себеби, әдил ҳәм тәсиршең суд қадағалаўы енгизилген жәмийетте ғана турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратылады.
Азат Иматов,
Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы, юридика илимлери бойынша философия докторы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги