Телефон арқалы сөйлесиўлерде жақын шығыстағы ҳәзирги қурамалы жағдай додаланды

20

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-март күни Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид, Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян, Кувейт Мәмлекети Мийрасхоры Шайх Сабоҳ ал-Холид ал-Ҳамад ас-Сабоҳ, Қатар Мәмлекети Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний, Бахрейн Патшасы Ҳамад бин Исо Ол Халифа ҳәм Иордания Ҳошимийлер Патшалығыныӊ Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн менен телефон арқалы сөйлести.

Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саид пенен сөйлесиўде Жақын Шығыстағы ҳәзирги қурамалы жағдай додаланып, жүзеге келген турақсызлық айрықша тәшўиш оятып атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан Президенти Оман аймағында жүз берген бундай ҳәрекетлерден қәўетерде екенин билдирип, Өзбекстан ҳәр қандай қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликти сиясий-дипломатиялық ҳәм тыныш жоллар менен, сөйлесиўлер арқалы шешиўдиң исенимли тәрепдары екенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Султанлықтың регионда қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында әмелге асырып киятырған жедел дәлдалшылық ролин ҳәм избе-из ҳәрекетлерин айрықша атап өтти.

Сондай-ақ, Оманда болып турған Өзбекстан пуқараларының қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм оларды Ўатанына қайтарыў ушын жаратылып атырған шараят ушын Султан Уллы Ҳәзиретине терең миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде, Оман Султаны Өзбекстан жетекшисине аўызбиршилик ҳәм тилеклеслик туйғылары ушын миннетдаршылық билдирип, Масқатқа болажақ жоқары дәрежедеги тарийхый сапар нәтийжели өтетуғынына исеним билдирди.

Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян менен сәўбетте тәреплер кейинги күнлерде Жақын Шығыс регионындағы жағдай барған сайын кескинлесип, келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар ҳәўиж алып атырғаны айрықша тәшўишке салып атырғанын атап өтти.

Муқаддес Рамазан айында жүз берип атырған бундай кеўилсиз жағдайлар халықаралық ҳуқық принциплерине қайшы екенлиги ҳәм тынышлыққа қәўип туўдырып атырған ҳәр қандай ҳәрекетлерди жедел тоқтатыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы усы қыйын ўақытларда Өзбекстанның стратегиялық шериги ҳәм жақын бирге ислесиўшиси болған Бирлескен Араб Әмирликлери басшылығы ҳәм халқы менен бирдей екенин билдирди.

Ҳәзирги ўақытта усы мәмлекетте болып турған Өзбекстан пуқараларына көрсетилип атырған әмелий жәрдем, оларды Ўатанына қайтарыў бойынша алып барылып атырған илажлар ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде Әмирликлер жетекшиси усы сынаўлы демлерде Өзбекстан Президентиниң қызғын қоллап-қуўатлағаны, көрсетип атырған дослық ҳүрмети ҳәм аўызбиршилик руўхы ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Кувейт Мәмлекети Мийрасхоры Шайх Сабаҳ ал-Ҳалид ал-Ҳамад ас-Сабаҳ пенен сөйлесиў ўақтында соңғы күнлерде Жақын Шығыс регионында жағдайдың кескинлесип атырғаны, мәмлекеттеги ҳәр қыйлы инфраструктура объектлерине берилген соққылардан қатаң қәўетерлениў билдирилди. Бундай унамсыз ҳәрекетлер халықаралық ҳуқық принциплерине қайшы екенлиги ҳәм бул сынаўлы демлерде Өзбекстан дос Кувейт халқы менен тилеклес ҳәм ийинлес екени атап өтилди.

Халықтың тынышлығы ҳәм татыўлығына үлкен қәўип туўдыратуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерди жедел тоқтатыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы бул жерде болып турған Өзбекстан пуқараларына көрсетилип атырған әмелий жәрдем ушын айрықша миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ, Кувейт Әмири Мишъал ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ Уллы Ҳәзиретлерине жыллы сәлемлерин жоллады.

Өз гезегинде Кувейт Мийрасхоры ҳәзирги қыйын ўақытта билдирилген дослық қоллап-қуўатлаў ҳәм тилеклеслик туйғылары ушын Өзбекстан жетекшисине мәмлекет басшылығы ҳәм халқы атынан терең миннетдаршылық билдирди.

Қатар Мәмлекети Әмири Шайх Тамим бин Ҳамад Ол Соний менен сөйлесиў даўамында Жақын Шығыстағы жағдайдың кескинлесиўи ҳәм келиспеўшиликлер регионаллық турақлылық ҳәм тынышлыққа үлкен қәўип туўдырып атырғаны атап өтилди. Муқаддес Рамазан айында мусылман үммети арасында келиспеўшиликти күшейтиўши мақул болмаған ҳәрекетлерден терең қәўетер билдирилди.

Мәмлекетлик суверенитет, тынышлық ҳәм татыўлыққа қәўип салатуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерди жедел тоқтатыў регион мәмлекетлериниң улыўма мәплерине хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан жетекшиси Қатарда болып турған пуқараларымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм оларды Ўатанына қайтарыў бойынша көрилип атырған илажлар және жаратылған шараятлар ушын Әмир Уллы Ҳәзиретине терең миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде Қатар Әмири ҳәзирги сынаўлы күнлерде Өзбекстан Президентине дослық сөйлесиўи, турақлы қоллап-қуўатлап киятырғаны, билдирген шын жүректен тилеклеслик сөзлери, еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықларын раўажландырыўға қаратып атырған үлкен итибары ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

Бахрейн Патшасы Ҳамад бин Исо Ол Халифа менен сөйлесиў даўамында Жақын Шығыста бақланып атырған соңғы процесслер, регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылыққа унамсыз тәсир көрсетип атырған мәселелер додаланды.

Муқаддес Рамазан айында мусылман халқы аўызбиршилик, жақын дослық, өз-ара ҳүрмет ҳәм кеңпейиллик принциплери тийкарында бир-бирине пикирлес ҳәм жәрдемши болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Мәмлекеттиң тынышлығы ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигине үлкен қәўип туўдыратуғын, бийгүна инсанлардың жәбирлениўине себеп болып атырған ҳәр қандай ҳәрекетлерди жедел тоқтатыў, барлық машқалаларды тек дипломатиялық ҳәм сөйлесиў жолы менен шешиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси бундай қыйын ҳәм сынақлы шараятта Бахрейн басшылығы ҳәм халқы менен тилеклес ҳәм ийинлес екенин билдирди.

Өз гезегинде, Патша Ҳамад бин Исо Ол Халифа мәмлекетимиз басшысына усындай сынаўлы күнлерде итибар көрсетип, телефон қоңыраў еткени, көрсеткен шын дослығы ҳәм қызғын қоллап-қуўатлағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн менен сөйлесиў даўамында соңғы күнлерде Жақын Шығыста бақланып атырған процесслердиң кескин түс алып атырғаны регионаллық қәўипсизлик, турақлылық ҳәм мәмлекетлераралық қатнасықларға үлкен зыян келтирип атырғаны айрықша атап өтилди.

Пүткил мусылман халқы ушын муқаддес болған Рамазан айында мәмлекетлердиң суверенитети, пуқаралардың тынышлығы ҳәм татыўлығына қәўип туўдыратуғын ҳәр қандай ҳәрекетлерди жедел тоқтатыў, келиспеўшиликлерди тыныш ҳәм дипломатиялық жоллар менен шешиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз жетекшиси бундай сынаўлы демлерде Иордания басшылығы ҳәм халқы менен ийинлес ҳәм тилеклес екенин атап өтти.

Өз гезегинде, Иордания Патшасы усы сынаўлы күнлерде шын дослық, қызғын қоллап-қуўатлаў ҳәм аўызбиршилик сөзлери ушын Президентимизге терең миннетдаршылық билдирди. Жақын келешекте Амманға болажақ жоқары дәрежедеги тарийхый сапар жоқары дәрежеде ҳәм нәтийжели өтетуғынына беккем исеним билдирди.

ӨзА