Киберспорт, дрон ҳәм робот технологиялары бағдарында спорт жарыслары шөлкемлестириледи

Усы жыл 3-марттағы ПҚ-75-санлы қарар менен киберспорт, дрон ҳәм робот технологиялары бағдарындағы заманагөй спорт түрлери бойынша жарыс шөлкемлестириледи.
Жарыслар төмендеги басқышларда өткериледи:
1-басқыш – министрликлер ҳәм уйымларда ҳәр жылы август айында “Әскерий бөлим (мәкеме) командири (баслығы) кубоги” ишки жарысы;
2-басқыш – ҳәр жылы октябрь айында “Әскерий округ әскерлери сәркардасы кубоги” жарысы;
3-басқыш – ҳәр жылы декабрь айында “Қорғаныў министри кубоги” жарысы өткериледи.
Қарарға бола, жарыста жеңимпаз болған әскерий хызметкерлер төмендегише хошаметленеди:
- 1-басқышта жеңимпаз болған команданың ҳәр бир ағзасы 10 миллион сумнан бир мәрте төленетуғын ақшалай сыйлық және команда ушын әскерий бөлим (мәкеме) командири (баслығы) кубоги;
- 2-басқышта жеңимпаз болған команданың ҳәр бир ағзасы бир мәрте төленетуғын 30 млн сум ақшалай сыйлық және команда ушын әскерий округ әскерлери сәркардасы кубоги;
- 3-басқышта жеңимпаз болған команданың ҳәр бир ағзасы бир мәрте төленетуғын 50 млн сум ақшалай сыйлық және команда ушын қорғаныў министриниң кубоги.
Қорғаныў министрлиги жарысларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша муўапықластырыўшы уйым болып есапланады.
Жарыста қатнасатуғын ҳәм сайлап алынған әскерий хызметкерлердиң есабын жүргизиў мақсетинде хызмет шеңберинде пайдаланыў ушын мөлшерленген бирден-бир электрон реестр енгизиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги