Өзбекстан Президенти БАӘ Президенти менен телефон арқалы сөйлести

11

4-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаян менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Тәреплер соңғы күнлерде Жақын Шығыс регионындағы жағдай барған сайын кескинлесип, келиспеўшиликлер ҳәм қарама-қарсылықлар ҳәўиж алып атырғаны айрықша тәшўишке салып атырғанын атап өтти.

Муқаддес Рамазан айында жүз берип атырған бундай кеўилсиз жағдайлар халықаралық ҳуқық принциплерине қайшы екенлиги ҳәм тынышлыққа қәўип туўдырып атырған ҳәр қандай ҳәрекетлерди жедел тоқтатыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы усы қыйын ўақытларда Өзбекстанның стратегиялық шериги ҳәм жақын бирге ислесиўшиси болған Бирлескен Араб Әмирликлери Басшылығы ҳәм халқы менен тилеклес екенин билдирди.

Ҳәзирги ўақытта усы мәмлекетте болып турған Өзбекстан пуқараларына көрсетилип атырған әмелий жәрдем, оларды Ўатанына қайтарыў бойынша алып барылып атырған илажлар ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

Өз гезегинде, Әмирликлер жетекшиси усы сынаўлы демлерде Өзбекстан Президентиниң қызғын қоллап-қуўатлағаны, көрсетип атырған дослық ҳүрмети ҳәм аўызбиршилик руўхы ушын терең миннетдаршылық билдирди.