“Microsoft”тың Орайлық Азия бойынша регионаллық басшысы тайынланды

Усы жылдыӊ 1-март сәнесинен баслап Габриэла Попеску “Microsoft” компаниясының Румыния, Молдова ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық басшысы лаўазымына киристи. Ол ҳуқық, бизнес ҳәм технологиялар бойынша тәжирийбеси, сондай-ақ, корпоратив муўапықлық тараўындағы билимлери менен танылған қәниге болып есапланады.
Попеску 2017-жылдан берли Румынияда жумыс алып барған ҳәм соңғы ўақытлары Орайлық Европа бойынша корпоратив, сыртқы ҳәм ҳуқықый мәселелер басшысы және компанияның ўақытша бас менеджери ўазыйпаларын атқарған.
Атап өтилиўинше, жаңа лаўазымында ол Орайлық Азия мәмлекетлеринде санлы трансформацияны және де раўажландырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын жуўапкершиликли енгизиўге итибар қаратады.
– Санлы трансформация тек ғана технология емес, ал исеним, билим ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўге сүйенеди, – дейди Попеску. – Соның ушын “Microsoft” регионда мәмлекетлик хызметлер, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм миллий турақлылық тараўларында санлы шешимлерди енгизиўди кеңейтиўди режелестирмекте.
Компания сондай-ақ, жасалма интеллектти қәўипсиз ҳәм жуўапкершиликли қолланыў, мағлыўматларды қорғаў ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў, жергиликли инновациялық орталықты раўажландырыў ҳәм санлы көнликпелерди арттырыў сыяқлы бағдарларда Орайлық Азия мәмлекетлери менен бирге ислесиўди күшейтиў нийетинде.
Мусулмон Зиё, ӨзА