Ўатанымыз исенимли қолларда: гезектеги әскерий хызметке узатыў мәресими болып өтти

8

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 2-февральдағы “Өзбекстан Республикасы пуқараларының мүддетли әскерий хызметке гезектеги шақырылыўы ҳәм белгиленген хызмет мүддетин өтеп болған мүддетли әскерий хызметкерлерди Қураллы Күшлер резервине босатыў ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың март-апрель айларында пүткил елимиз бойлап жасларды мүддетли әскерий хызметке шақырыў илажлары қызғын даўам етпекте.

Усы жылдың 4-март күни Нөкис қаласының орайындағы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жайласқан майданда мүддетли әскерий хызметке шақырылыўшыларды шығарып салыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.

Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Арқа-батыс әскерий округи сәркардалығы, МҚХ Шегара әскерлери басшылары, Қураллы Күшлер қурамындағы министрликлер ҳәм уйымлардың аймақлық басшылары, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, нуранийлар ҳәм әскерлердиң ата-аналары қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бир қатар жаслардың мүддетли әскерий хызметти өтеўге мүнәсип деп табылып, ана Ўатан алдындағы перзентлик парызын өтеў ушын кетип баратырғаны мүнәсибети менен қутлықлады.

Соңғы жыллары Президентимиз – Қураллы Күшлеримиз Жоқарғы Бас Сәркардасы тәрепинен елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлеримизди беккемлеў, әскерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да усы бағдардағы мәселелерге үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтиў орынлы.

Усындай кең көлемли илажлар нәтийжесинде Миллий армиямыз халқымызды исенимли қорғаў менен бирге, жас әўладты мәртлик, Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлери менен тәрбиялайтуғын турмыс мектебине айланып, онда ҳәр тәреплеме саламат жаслар камалға келмекте.

Бүгинги өзбек армиясы тек ғана мәмлекетимиз шегараларын қорғайтуғын қүдиретли күш емес, ал жаслар ушын ҳақыйқый турмыс мектебине, ерк-ықрар ҳәм характерди шынықтырыўшы мәртлик мәканына айланды. Бүгинги қатарда турған жаслар тек ғана шақырылыўшылар емес. Олар интеллектуаллық потенциалы, физикалық таярлығы ҳәм руўхый жетиклиги менен жүзлеген заманласлары арасынан қатаң сынақлар тийкарында таңлап алынған жигитлер болып есапланады.

– Улымның әскер болыўы – шаңарағымыз ушын үлкен байрам. Бүгин оның үстиндеги әскерий кийимди көрип, қаншелли үлкейгенин сездим. Мине, бүгин екинши балам Санжар Ўатан алдындағы жигитлик парызын орынлаў ушын бир жыллық әскерликке жөнеп кетип баратыр. Үлкен улым да бир жыл шегарада әскер болып еди. Илайым аман барып, саў қайтсын. Елимизде парахатшылық болсын, барлық жасларға ҳақ жол тилеймиз, – дейди ата-аналардың бири Қ.Асаматдинов.

– Мен Нөкис қаласынанман. Қатарларым менен бирге әскерий хызметке кетип баратырман. Ўатаныма садық болыўға, ақ жүзли, абырайлы болып, белгиленген миннетли ўазыйпамды жақсы атқарып қайтыўға ҳәрекет етемен, дейди шақырыўшылардың бири Ә.Жолдасбаев.

Илаждың ең толқынландырыўшы мәўрити нураныйлардың пәтияға қол жайған ўақытлары болды. Кекселер дуўаға қол жайып елимиздиң тынышлығы турақлы болыўын, әскерлеримиздиң қәдеми қутлы келип, аман-есен хызмет етип қайтыўын нийет етти.  Илаж әскерий оркестр тәрепинен атқарылған нама-қосықлар ҳәм жас көркем өнер шеберлериниң ўатансүйиўшилик ҳаққындағы шығыўлары менен даўам етти.

Өткерилген илажда әскерий оркестр намалары астында Ўатанды қорғаўға атланған жаслар әскерлер қатарына шығарып салынды. Мүддетли әскерий хызметке шығарып салыў илажлары мәмлекетимиздиң барлық қала ҳәм районларында шөлкемлескенлик пенен даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери