Нызам дөретиўшилиги процесинде жаслардың қатнасыўы кеңейтиледи

Сенатта Ташкент қаласындағы бир қатар сырт ел ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери және Өзбекстан жаслары пүткил жер жүзилик ассоциациясының Уллы Британиядағы белсенди жаслары менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда жаслар Сенат ҳәм Жаслар парламентиниң жумысы, нызам дөретиўшилиги процеси, сондай-ақ, сенаторлардың жумыс тәртиби менен жақыннан танысты.
Сенатор Малика Қодирхонова парламент реформалары, нызам дөретиўшилиги процесинде жаслардың қатнасын кеңейтиў бағдарында алып барылып атырған жумыслар ҳәм жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиўдиң әҳмийетине тоқтап өтти.
Илаж даўамында Жаслар парламентиниң баслығы Лайло Аслонова Президенттиң жаслар менен жақында өткерген ушырасыўында алға қойылған басламалар, сондай-ақ, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берди.
Ушырасыў жуўмағында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
***
Сенат жанындағы Жаслар парламенти ҳәм Өзбекстан жаслары пүткил жер жүзилик ассоциациясы арасында бирге ислесиў мәселелерин додалаўға бағышланған ушырасыў өткерилди.
Сөйлесиўде сырт елде мийнет етип атырған ҳәм билим алып атырған өзбекстанлы жаслардың усыныс ҳәм басламаларын нызамшылық дәрежесине алып шығыў механизмин жаратыў, жаслар менен турақлы пикирлесиўди жолға қойыў ҳәм ҳуқықый жақтан социаллық жойбарлар шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Енди сырт елдеги жас қәнигелер ҳәм илимпазлар нызам жойбарларын додалаўға эксперт сыпатында тартылады және “Сырт елдеги жаслар – парламент пенен пикирлесиў” турақлы платформасы жаратылады.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстанның глобаллық интеллектуаллық потенциалын парламент жумысы менен интеграциялаўға қаратылған бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.
Н.Абдураимова,
ӨзА