Женисбек Пиязов: жасалмалық – ҳақыйқый көркем өнерди өлтиреди (+видео)

АНОНС
Бүгинги күнде “жасалма интеллект” ҳәр бир тараўға соншелли жеделлик пенен кирип, сиңип кетпекте, бул жағдай тараў ушын өзине тән “қолайлық” жаратыў менен бирге, “саўатсызлық”қа жетелеп баратырғанын сезбей қаласаң.
Әсиресе, өзбек миллий көркем өнеринде фонограмма арқалы атқарыўлар себепли онысыз да ақсап турған қосықшылық көркем өнери, енди жасалмалық бағдарламалары алдында сынаққа ушырамақта. Жасалма интеллект пайдаланыўшылар ушын соншелли үлкен имканиятлар жаратпақта, енди бир қосық дүньяға келиўи ушын сазенделер ҳәм композиторлардың хызметине зәрүрлик қалмайды. Ҳәтте атқарыўшының өзи де профессионал қосықшы болмастан-ақ әпиўайы ҳәўескер сыпатында қосық дөретиўи, айтыўы мүмкин.
Бул, әлбетте, ҳақыйқый көркем өнер ҳәм көркем өнер хызметкерлери ушын “апатшылықтың” өзи. “Жеке пикир” жойбарының бул ретки мийманы Өзбекстан, Қарақалпақстан, Башқуртстан ҳәм Татарстан халық артисти Жеңисбек Пиязов “Жасалма ҳақыйқый көркем өнерди өлтириўи”, фонограмма ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыўды шеклеў ҳәм қадағалаў зәрүрлиги ҳаққында өзиниң пикир-усынысларын билдирди.
ӨзА