Ҳаял-қызлар ҳәм балаларды басым ҳәм зорлықтан қорғаў буннан былай да күшейтиледи

Президент Шавкат Мирзиёев ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаўды буннан былай да күшейтиў, оларға болған басым ҳәм зорлықтың алдын алыў бойынша усыныслар және жаңа басламалар менен танысты.
Елимизде ерте неке, ерте жастағы туўыў ҳәм ҳаял-қызлар ҳәм балаларға зорлық жағдайларының алдын алыў мәселелерине шаңарақ институтын беккемлеў жәмийетте саламат социаллық орталықты қәлиплестириўдиң әҳмийетли бағдары сыпатында турақлы итибар қаратылып келинбекте.
Бул мәселелер ең жоқары дәрежеде бир неше мәрте додаланып, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да жуўапкер уйымлар алдына анық ўазыйпалар қойылған. Олардың бул бағдардағы жумысын муўапықластырыў мақсетинде уйымлараралық кеңес шөлкемлестирилген ҳәм қысқа мүддетлерде әмелий усынысларды ислеп шығыў тапсырылған еди.

Бүгинги презентацияда кең жәмийетшилик, тараў экспертлериниң усыныслары және алдынғы халықаралық тәжирийбе тийкарында муўапықластырыўшы кеңес тәрепинен таярланған басламалар көрип шығылды.
Соның ишинде, социаллық тармақларда халықтың ҳақылы наразылықларына себеп болып атырған бир қатар мәселелер бойынша төмендеги усыныслар билдирилди:
– жынысый дәмегөйлик еткени ушын белгиленген 5 суткаға шекем ҳәкимшилик қамаққа алыў жазасын қатаңластырыў;
– педофиллер ушын өмирлик еркинен айырыўға шекемги жазаны белгилеў;
– Жынаят кодексиниң 118- ҳәм 119-статьяларындағы жынысый жынаятларды жас өспиримлерге қарата ислеген қамақтағыларды мәнзил-колонияларға өткермеў;
– Жынаят кодексиниң 6 статьясындағы жынысый жынаятлар бойынша ислерди тергеў ўәкиллигин ишки ислер уйымларынан прокуратураға өткериў;
– жынысый дәмегөйлик етиў бойынша ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа байланыслы материалларда жынаят белгилери жоқ екенлиги бойынша прокурор қарарын алыў шәртлиги;
– ҳаял-қызлар ҳәм балаларға қарата зорлық жынаятлары менен арнаўлы таярлықтан өткен адвокатлар, тергеўши ҳәм судьялар шуғылланыўы;
– зорлықтан жәбирленген ҳәм қорғаныў ордери берилген ҳаял-қызлардың қорғалыўын күшейтиў мақсетинде олардың телефон қурылмаларына арнаўлы “SOS” қосымшаларын орнатыў, онда шақырыў түймеси басылғанда 5 километр радиустағы ишки ислер хызметкерлери 10 минутта мәнзилге жетип келиўи ҳәм басқалар.

Сондай-ақ, елимизде некелердиң 40 проценти 18-19 жастағылар арасында дүзилиўи, бирақ халықаралық шөлкемлердиң ең қолайлы неке жасы 21 жас екени, бул жасқа жеткен шахслар әдетте финанслық еркинликке ерисип, шаңарақ қурыўға ҳәр тәреплеме таяр болыўы ҳаққындағы усыныслары тийкарында төмендеги басламалар билдирилди:
– некени 21 жасқа толған шахслар арасында дүзиўди хошаметлеў мақсетинде қосымша финанслық қоллап-қуўатлаў механизмлерин енгизиў;
– мәмлекетлик бажыдан жеңилликлер бериў жолы менен некелениўшилер арасында неке шәртнамасы дүзилиўин хошаметлеў;
– неке жасына байланыслы нызамшылықты бузғаны ушын жәрийманың 15 процентин бундай жағдай ҳаққында хабар берген шахсларға бериў тәртибин енгизиў арқалы ерте некелерди анықлаў нәтийжелилигин арттырыў;
– ерте неке ҳәм 16 жасқа шекемги ҳәмиледарлық жағдайлары ҳаққында ишки ислер уйымлары ҳәм “Инсан” социаллық хызметлер орайларына хабар бериў бойынша уйымлараралық шынжырды жолға қойыў, онда атап өтилген жағдайлар ҳаққында хабар бермегени ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти белгилеў;
– ҳәмиледар ямаса 3 жасқа шекемги перзент тәрбиясы менен бәнт болған студент қызлар ушын билимлендириўди даўам еттириў имканиятын бериў арқалы олардың оқыўдан түсип қалыўының алдын алыў ҳәм басқалар усыныс етилди.
Мәмлекетимиз басшысы билдирилген басламаларды мақуллап, тийисли пәрманға қол қойды ҳәм тараўдағы жаңалықларды кең жәмийетшилик арасында үгит-нәсиятлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

ӨзА