Өзбекстанда қосымша қун салығы төлеўшилериниң саны 265 мыңнан асты

Кейинги жылларда мәмлекетимизде салық ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм экономиканы санластырыў бағдарында избе-из реформалар әмелге асырылмақта. Бул процесслер исбилерменлик субъектлерин рәсмий экономикаға тартыў, есап-санақларды ашық-айдын етиў ҳәм бюджет түсимлерин турақлы арттырыўға хызмет етпекте.
Салық комитетиниң мәлим етиўинше, 2026-жыл 1-февраль жағдайына бола, мәмлекетимизде арнаўлы дизимнен өткен қосымша қун салығы (ҚҚС) төлеўшилериниң саны 265 697 ни қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 31 процентке көп. Рәсмий статистикалық мағлыўматлар салық ҳәкимшилигин жетилистириў ҳәм экономиканы санластырыў процесслери өз нәтийжесин берип атырғанын көрсетпекте.
Таллаўларға бола, ҚҚС төлеўшилери ең көп дизимге алынған тараўлар: саўда (99,5 мың), аўыл хожалығы (49,9 мың), хызмет көрсетиў тараўы (40,6 мың) болып есапланады.
Саўда тараўының жетекшилиги ишки базар белсендилигиниң жоқарылығын аңлатады. Аўыл хожалығындағы көрсеткишлер болса аграр тармақта өндирис пенен бирге қайта ислеў ҳәм реализациялаў процесслери де жеделлесип атырғанын көрсетеди.
Тараўлар бойынша өсим пәтлери талланғанда, хызмет көрсетиў тармағы айрықша ажыралып турады. Бул бағдарда ҚҚС төлеўшилердиң саны бир жылда 86,5 процентке артқан. Саўда тараўында өсим 46,3 процентти, мәлимлеме ҳәм байланыс тараўында болса 22,6 процентти қураған. Бул жағдай экономикада хызметлердиң үлеси артып атырғаны, әсиресе, санлы хызметлер, IТ бағдарлары ҳәм онлайн саўда сегменти кеңейип атырғанын тастыйықлайды.
Қосымша қун салығы төлеўшилери санының көбейиўи бизнес субъектлериниң рәсмий экономикаға тартылыўы күшейгенин аңлатады. Салық системасында санлы платформалардың енгизилиўи, есап-санақлардың автоматластырылыўы ҳәм электрон есап-фактуралар әмелиятының кеңейиўи исбилерменлер ушын қолайлық жаратпақта.
Нәтийжеде салық тәртиби беккемленип, мәмлекетлик бюджетке түсимлер турақлы өсиў тенденциясын көрсетпекте.
Бир сөз бенен айтқанда, 2026-жылдың басындағы мағлыўматлар, Өзбекстан экономикасында структуралық өзгерислер даўам етип атырғанын көрсетеди. Саўда, хызмет көрсетиў ҳәм мәлимлеме-коммуникация тараўларындағы жеделликтиң артыўы экономикалық реформалардың нәтийжесин көрсетпекте. Қосымша қун салығын төлеўшилер санының 31 процентке өсиўи бизнес орталығының жақсыланыўы, исбилерменлик белсендилигиниң артыўы ҳәм экономиканың ашық-айдынласыўының белгиси болып есапланады.
Ш.Маматуропова, ӨзА