Қубла Суданда қураллы ҳүжим: қурбанлар бар

18

Қубла Суданның Рувенг округиндеги Абиемном районында жүз берген қураллы ҳүжим ақыбетинде 169 адам қайтыс болды, 50 адам жарақатланды, деп хабар бермекте “Анадолу” мәлимлеме агентлиги.

Атап өтилиўинше, 1-март күни онлаған жергиликли қураллы жаслар Абиемном районындағы базарлар ҳәм үйлерге от берген.

Мәмлекет армиясы ҳүжим еткенлерди аймақтан қуўып шығарған ҳәм ҳәзирги ўақытта Абиемном районы ҳәкимлери жағдайды толық қадағалаўға алған. Рувен ўәлаятында үш күнлик матам жәрияланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги