“iPhone 17e” модели усынылды

17

«Apple” компаниясы ең арзан смартфонлар қатарына киретуғын жаңа «iPhone 17e” моделин рәсмий түрде таныстырды. 4-марттан баслап усы қурылма ушын буйыртпа қабыл етиледи, ашық саўда болса 11-марттан басланады.

“iPhone 17e”  сыртқы көриниси 16е моделине уқсас: дизайн ҳәм экран өлшеми дерлик өзгермеген. Компания бул сапары да экран жоқарысындағы бөлимди сақлап қалды.

Тийкарғы өзгерис ишки имканиятқа қаратылған, беккемлик күшейтилген, “Ceramic Shield”  еки қапламалы қорғаныў менен тәмийинленген. Сондай-ақ, жаңа әўлад А19 процессоры ҳәм “MagSafe” сымсыз қуўатлаў технологиясы қоллап-қуўатланған. Усы тәрепи жаңа телефонды функционаллық жақтан қымбатырақ “iPhone 17e”  моделине жақынластырады.

Сүўретке алыў системасы да сезилерли дәрежеде жақсыланған: смартфон 48 мегапикселли тийкарғы камера менен үскенеленген. Ишки яд көлеми алдынғы версияға салыстырғанда еки есеге, 256 ГБ ға шекем арттырылған.

Баҳа мәселесине келсек, «iPhone 17e” ниң басланғыш баҳасы 599 доллардан басланады. Қурылма қара, ақ ҳәм қызғыш реңлерде усыныс етилди.

ӨзА