Майыплығы болған абитуриентлер ушын репетициялық тест сынақлары шөлкемлестирилмекте

28

Таллаўлар соны көрсетеди, айырым майыплығы болған абитуриентлердиң төмен балл топлаўы тийкарынан еки факторға байланыслы.

Бириншиден, билим дәрежесиниң жетерли емеслиги болса, екиншиден, имтихан тәртип-қағыйдаларын билмеў ҳәм тест форматында ислеў көнликпесиниң жетерли дәрежеде қәлиплеспегенлиги болып табылады.

Айырым жағдайларда тест системасына бейимлесе алмаў тийкарғы фактор сыпатында көринбекте.

Сонлықтан, Социаллық қорғаў миллий агентлиги системасындағы арнаўлы мектеплердиң питкериўшилери ушын диагностикалық (тәкирарлаў) тест сынақлары реал имтихан шараятына максимал дәрежеде жақынластырылған ҳалда шөлкемлестирилмекте.

Бул болса жасларға имтихан процесин алдыннан сезиў, тәртип-қағыйдаларды әмелде сынап көриў имканиятын жаратады.

Репетициялық тест сынақлары арқалы оқыўшылардың билим ҳәм таярлық дәрежеси баҳаланады, имтихан орталығы, тәртиби ҳәм техникалық процесслерге бейимлесиў имканияты жаратылады, тест форматында ислеў көнликпелери қәлиплестириледи.

Сондай-ақ, психологиялық турақлылық ҳәм өзине исеним беккемленеди.

Бундай басламалар майыплығы болған абитуриентлердиң жоқары билимлендириўге кириў имканиятларын кеңейтиў, олар ушын теңдей шараят жаратыўға хызмет етеди.

Бул баслама Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги және Билим ҳәм маманлықларды баҳалаў агентлиги менен биргеликте әмелге асырылмақта.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА