Улыўмахалықлық шембилик: елимиз абаданлығы мәҳәлледен басланады

20

Елимизде әзелден шембилик дәстүри халықты бирлестириўши, жақсылық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўши қәдирият сыпатында қәлиплескен.

Мәҳәлле көшелерин абат етиў, жап-салмаларды тазалаў, ҳәўли ҳәм жәмийетлик орынларды тәртипке келтириў сыяқлы жумыслар усы шембилик жәрдеминде әмелге асырылып, жәмийетте өз-ара мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик орталығын күшейтип келген.

Усы жылы 13-14-март күнлери мәмлекетимиз бойлап кең көлемли улыўма халықлық шембилик өткериледи.

Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарында әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген.

Шембиликлер “Елимиз абаданлығы, бәринен бурын, мәҳәлледен басланады!” сүрени астында шөлкемлестириледи.

Бул улыўмахалықлық илаж шеңберинде мәҳәллелер, елатлы пунктлер, социаллық тараў объектлери, билимлендириў мәкемелери, зыярат етиў орынлары ҳәм қойымшылықлар әтирапы абаданластырылады. Нәл егиў, аймақларды көклемзарластырыў, шығындыларды сапластырыў, жол ҳәм ҳәўлилерди тәртипке келтириў жумыслары әмелге асырылады.

Шембилик тек ғана тазалық ҳәм абаданластырыў жумыслары емес, ал пуқаралар арасындағы аўызбиршиликти беккемлеў, жасларда ўатансүйиўшилик ҳәм жуўапкершилик сезимин арттырыўға хызмет етеди. Әсиресе, мәҳәлле институтының жумысын күшейтиў, халықтың өз жасаў аймағына тийислилик сезимин арттырыўда бундай илажлар үлкен әҳмийетке ийе.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА