Санаат кәрханаларының қоршаған орталыққа унамсыз тәсирин азайтыў бойынша ҳәрекетлер қоллап-қуўатланады

18

Ҳүкимет қарары мененҚоршаған орталыққа тәсир көрсетиў бойынша I ҳәм II категорияларға тийисли санаат кәрханаларының қоршаған тәбийғый орталыққа тәсирин азайтыў ҳәрекетлерин қоллапқуўатлаў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Қарарға бола, санаат кәрханаларының қоршаған тәбийғый орталыққа тәсирин азайтыў ҳәрекетлери төмендеги тәртипте қоллап-қуўатланады:

1-басқышта атмосфера ҳаўасыныӊ патасланыўы фон мониторинги станциясын (мониторинг станциясы) орнатқан санаат кәрханасына:

– тәбиятқа зыян жеткериў бойынша компенсация төлемлеринен қәлиплескен қарыздарлықтан ўаз кешиледи;

– тәбиятқа зыян жеткериў бойынша республикалық бюджетке қаратылатуғын компенсация төлемлериниң 50 проценти 2 жыл даўамында қайтарылады.

2-басқышта мониторинг станциясын орнатқан санаат кәрханасы келеси 1 жыл даўамында шаң-газ ҳәм локал ақаба суў тазалаў үскенелерин орнатқанда, тәбиятқа зыян жеткериў бойынша республикалық бюджетке қаратылатуғын компенсация төлемлериниң 70 проценти 2 жыл даўамында қайтарылады.

Санаат кәрханасы мониторинг станциясы, шаң-газ ҳәм (ямаса) локал ақаба суў тазалаў үскенесин орнатқаны ҳаққында Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса БИМХП (my.gov.uz (https://my.gov.uz/)) арқалы Экология комитетине хабарнама жибереди.

Хабарлама ҳәм оған қосымша етилген ҳүжжетлер Экология комитети тәрепинен хабарлама келип түскен күннен баслап 15 жумыс күнинен аспаған мүддетте көрип шығылады.

Үйрениў нәтийжеси бойынша санаат кәрханасын хошаметлеў ҳаққында Экология комитетиниң жуўмағы рәсмийлестириледи.

ӨзА