Жаслар сайланды командасының гезектеги жеңиси

27

Қылышпазлық бойынша Өзбекстан жаслар сайланды командасы Индонезия пайтахты Джакарта қаласында болып өтип атырған Азия чемпионатында және бир медальды қолға киргизди.

Атап айтқанда, сабля бойынша жигитлер арасында өткерилген командалық беллесиўлерде Алпамыс Орақбаев, Сардор Абдукаримбеков, Азизбек Каримбаев ҳәм Артур Бегжановтан ибарат командамыз гүмис медальды қолға киргизди.

Таңлап алыў басқышында сайланды командамыз ағзалары Австралия ҳәм Гонконг командаларын жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, тилекке қарсы финалда жигитлеримиз Қытай сайланды командасына жеңилип қалды.

Бул жарысқа қатнасқан республикамыз ўәкиллеринен Алпамыс Орақбаев ҳәм Артур Бегжановларды тренерлерден Дәўирбек Жийемуратов пенен Сәрдар Назарымбетов таярлады.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы