“Келешекке қәдем” шеңберинде питкериўшилер менен ушырасыў өткерилди

15

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Келешекке қәдем” бағдарламасы шеңберинде питкериўши курс студентлериниң бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда тәжирийбели исбилермен И.Пирниязов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң Жаслар исбилерменлиги, бәсекини раўажландырыў ҳәм санаат мәселелери комитетиниң баслығы, «RBG COMPANY» ЖШЖ баслығы Б.Раджабов, «Ўзагросуғурта» АЖ ҳәм “Келешекке қәдем” орайының жойбар ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыў даўамында питкериўши студентлерди жумыс пенен тәмийинлеў, олардың кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў, исбилерменлик жумысына тартыў ҳәм әмелий тәжирийбе арттырыў имканиятлары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди. Бүгинги мийнет базарының талаплары, жас қәнигелерден күтилип атырған маманлық ҳәм компетенциялар, сондай-ақ, өз бизнесин баслаў ушын бар имканиятлар бойынша усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, студентлерге мәмлекет тәрепинен жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў механизмлери, жеңиллетилген кредитлер, қамсызландырыў хызметлери ҳәм стартап жойбарларды әмелге асырыў бойынша жаратылған шараятлар ҳаққында түсиниклер берилди.

Илаж ашық сөйлесиў тәризинде өткерилип, студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги