Райондағы жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ушырасыў өткерилди

18

Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминов, район прокуроры Ж.Реймов ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қоңырат районы бөлими баслығының басшылығында Азатлық, Туран ҳәм Өрнек мәҳәллелеринде жасайтуғын жумыссыз жаслар, оларға бириктирилген жуўапкер басшылар ҳәм жаслар жетекшилериниң қатнасыўында ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда райондағы 22 кәрхана ҳәм шөлкем бос жумыс орынлары менен қатнасты ҳәм жасларды жумысқа орналастырыў имканиятлары додаланды.

Илаж даўамында усы мәҳәллелерге бириктирилген жуўапкер басшылар тәрепинен жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған жумыслар сын көзқарастан көрип шығылды. Айырым жағдайларда жүкленген ўазыйпалар белгиленген дәрежеде орынланбай атырғаны себепли жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде немқурайдылыққа жол қойылғаны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында жумыссыз жасларды қысқа мүддетлерде жумыс пенен тәмийинлеў, бар бос жумыс орынларына бағдарлаў ҳәм ҳәр бир жас кесиминде анық нәтийжеге ерисиў бойынша жуўапкер басшыларға тийисли тапсырмалар берилди.

Буннан соң, мүддетли әскерий хызметтен қайтып атырған жаслардың ата-аналары менен де ушырасып, онда мүддетли әскерий хызметти өтеп атырған ҳәм жақын күнлерде қайтатуғын жаслардың ата-аналары менен ашық сәўбетлесиў өткерилди.

Ушырасыў алдынан ата-аналарға перзентлерин Ўатанды қорғаўшы етип мүнәсип тәрбиялағаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде райондағы 60 жас елимиздиң ҳәр қыйлы аймақларындағы әскерий бөлимлерде мүддетли әскерий хызметти өтеп атыр.

Сәўбетлесиў даўамында әскерий хызметтен қайтып атырған жасларды келешекте жумыс пенен тәмийинлеў, кәсип-өнерге бағдарлаў ҳәм оларды социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, оларды жумысқа орналастырыўда күш структураларына жумысқа қабыл етиў имканиятлары, кәсипке оқытыў ҳәм жеңиллетилген кредитлер ажыратыў механизмлери бойынша түсиниклер берилди.

Сондай-ақ, район ҳәкимлиги тәрепинен әскерий хызметтен қайтып атырған жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм бул бағдарда мәнзилли жумысларды шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Ушырасыўда ата-аналардың пикир-усыныслары да тыңланып, оларды қызықтырған мәселелери бойынша толық түсиниклер берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги