Заманагөй дәнди қайта ислеў үскенеси иске қосылады

Нөкис районы аймағындағы Дән ҳәм салы илимий-изертлеў бирлеспеси тәрепинен аўыл хожалығын буннан былай да раўажландырыў, әсиресе туқымгершилик ҳәм дән өнимлериниң сапасын жақсылаў мақсетинде әҳмийетли жойбар әмелге асырылды. Қытай мәмлекетинен 100 мың АҚШ доллар қаржы есабынан заманагөй, жоқары нәтийжелиликке ийе әсбап-үскене алып келинди.
Бул үскене саатына 5 тонна көлемдеги 20 түрдеги дән өнимлерин қайта ислеў имканиятына ийе. Ол арқалы дәнди шаң ҳәм араласпалардан тазалаў, сортларға ажыратыў, арнаўлы дәрилер менен қайта ислеў ҳәм таяр өнимди қадақлаў жумыслары автоматластырылған түрде әмелге асырылады. Бул болса ўақытты үнемлеў, мийнет өнимдарлығын арттырыў ҳәм өнимниң сапасын және де жақсылаўға хызмет етеди.
Жаңа технологиялардың енгизилиўи аўыл хожалығы тараўында заманагөй көзқарасларды күшейтиўге тийкар жаратады. Әсиресе, Нөкис районында жетистирилип атырған дән ҳәм салы өнимлериниң экспортқа қолайлылығының артыўы, олардың базарға қолайлы түрде қадақланыўы айрықша әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, туқымлық дәнлерди сапалы сайлап алыў ҳәм дәрилеў арқалы келеси мәўсимде өнимдарлықты және де арттырыў имканияты туўылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги