БАӘдеги Өзбекстан елшиханасы пуқараларды қәўипсизлик илажларын көриўге шақырды
Бирлескен Араб Әмирликлеринде болып турған Өзбекстан Республикасы пуқараларына әҳмийетли ескертиў жәрияланды.
Мәлим етилиўинше, региондағы жағдайдың кескинлесиўи ҳәм ҳаўа аймағынан, соның ишинде БАӘ аймағынан пайдаланыўға ўақтынша шеклеўлер енгизилгени себепли жақын күнлерде Өзбекстан авиакомпанияларының Жақын Шығыстағы айырым мәмлекетлерге турақлы рейслери ўақтынша тоқтатылған.
Усы мүнәсибет пенен БАӘдеги Өзбекстан пуқараларына авиакомпаниялардың рейслердиң жағдайы бойынша рәсмий хабарларын турақлы түрде бақлап барыў, сондай-ақ, кестедеги мүмкин болған өзгерислер ҳәм дүзетиўлерди есапқа алыў усыныс етилди.
Жеке қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде пуқараларға:
илажы барынша адамлар көп жыйналатуғын орынлардан узағырақ болыў;
әскерий ҳәм басқа стратегиялық обектлерге жақынласпаў;
БАӘ ўәкилликли уйымларының талап ҳәм усынысларына қатаң әмел етиў;
тынышлық сақлаў ҳәм тек ғана рәсмий дереклерге сүйениў усыныс етилди.
Сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда тарқалып атырған тастыйықланбаған мағлыўматларды бөлиспеў қатаң соралған.
Айрықша жағдай жүзеге келгенде Өзбекстан Республикасының Дубай қаласындағы Бас консулханасының исеним телефонларына мүрәжат етиў мүмкин:
+971 55 986 9040
+971 55 956 4110
Дипломатиялық ўәкилханалар жағдайдың раўажланыўын бақлаўды даўам еттирип атырғаны ҳәм зәрүрлик туўылғанда пуқараларға қосымша мағлыўмат берилетуғыны мәлим етилди.
ӨзА