Туризм раўажланыўында креатив экономика қандай орын тутады? Қәниге менен сәўбетлесиў

21

Бүгин Өзбекстанның туризм сиясаты жаңа басқышқа көтерилмекте. Енди елимиз тек ғана әййемги естеликлер, тәкирарланбас архитектуралық үлгилер ҳәм әсирлер даўамында сақланып киятырған мәдений мийрас пенен емес, ал заманагөй креатив орталық, инновациялық қатнас ҳәм халықаралық мәдений пикирлесиў орайы сыпатында да дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартпақта.

Мәмлекетимиздиң туризм потенциалы, тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм креатив экономиканың әҳмийети ҳаққында “Rovet DMC” туристлик компаниясының бас директоры, туризм тараўының эксперти Негина Мухторова менен сәўбетлестик.

– Соңғы ўақытлары елимиздиң жаңа туристлик келбети ҳаққында көп айтылып атыр. Бул түсиниктиң мазмун-мәниси неде?

– Бәринен бурын, сораўыңыз ушын рахмет. Эксперт сыпатында мен ушын бул тема бүгинги күнде ҳақыйқатында да оғада әҳмийетли. Өзбекстанның жаңа туристлик келбети ҳаққында тек ғана айтыў жеткиликли емес, оны системалы түрде алып шығыў ҳәм додалаў керек.

Мениңше, Өзбекстан әллеқашан өзин жаңа көринисте – жаңа басламалар, мәдений жойбарлар ҳәм дүньяға ашықлықтың өзгеше дәрежеси арқалы көрсете баслады. Мине, усы дәстүрди туризм тараўында да раўажландырыў оғада әҳмийетли. Гәп тек ғана бай тарийхый мийрасымызды қәстерлеп сақлаў ҳаққында емес, ал көркем өнер, музыка, архитектура, дизайн, гастрономия арқалы қәдириятларымыз ҳәм дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлаған ҳалда, дүнья менен дөретиўшилик, исенимли, заманагөй тилде сөйлесиўди баслаў ҳаққында бармақта.

Бүгинги күнде туристлер тек ғана естеликлер ҳәм саяхатларды емес, ал қызғын, қуўатландырыўшы жанлы орталық, мәмлекеттиң өзине тән тәреплерин излейди.

Тарийх – бул тийкар, бирақ келешек көриниси мәдений илажлар, фестивальлар, көркем өнер платформалары, жаңа жәмийетлик орынлар арқалы қәлиплеседи. Бул бағдарда Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры тәрепинен Бухарада өткерилген биеннале айрықша әҳмийетке ийе. Бул ўақыя тарийхый орталық көркем өнер менен пикирлесиўге кирисиўи, жаңа мәдений мазмун жаратыўы ҳәм мәмлекеттиң заманагөй келбетин қәлиплестире алатуғынын көрсетти.

Егер бул мәселеге кеңирек қаралса, көплеген мәмлекетлер өз келбетин қайта көрип шығыў жолынан өткениниң гүўасы болыў мүмкин. Испания изоляция дәўиринен кейин мәдений көринис ҳәм архитектуралық жойбарларға итибар қаратты. БАӘ кең көлемли мәдений басламалар ҳәм жәҳән дәрежесиндеги музей майданлары арқалы өзине тәнликти жаратты. Қубла Корея мәденият ҳәм дөретиўшилик тараўларын “өзине тән тәсир күши” қуралына айландырды, заманагөй музыка ҳәм киноны миллий брендтиң бир бөлегине киргизди. Бул жағдайлардың барлығында тийкарғы фактор дәстүрлерден ўаз кешиў емес, ал оларды жаңаша талқылаў жатады.

Жаңа туристлик көринис – бул сахна безеўлериниң өзгериўи емес. Бул мәмлекеттиң өзин қалай көрсете алатуғынын терең қайта көрип шығыў болып есапланады. Өзбекстан өзине тән үстинликке ийе: бизде ақылға уғрас келмейтуғын тарийхый мийрас бар. Бүгин алдымызда әне усы тереңликти заманагөй мәдений ҳаўаз бенен толықтырыў ўазыйпасы тур.

Өнерментшилик дизайнерлик өнимине, музыка болса фольклор шеңберинен шығып, глобаллық мәдений қарым-қатнастың бир бөлегине айланыўы ушын архитектура миллий кодты сақлап қалыўы, соның менен бирге жаңа формаларды излеўи керек. Өз өтмишин ҳүрмет ететуғын ҳәм келешегин исеним менен қәлиплестиретуғын мәмлекеттиң жанлы келбети әне усы тәризде қәлиплеседи. Жаңа Өзбекстан дәслепки қәдемлерин қойды. Бул бағдарда избе-из ҳәрекет етиў, дәстүр ҳәм заманагөйлик бәсекилеспеген, ал бир-бирин толықтыратуғын турақлы мәдений стратегияны жаратыў әҳмийетли болып есапланады.

– Туризмниң раўажланыўында креатив экономика қандай орын ийелейди?

– Бул сораў алдынғы пикирди логикалық даўам еттиреди ҳәм қалаберди, әҳмийетлилиги жағынан кем қалмайды. Бүгинги күнде мәмлекеттиң жаңа келбети ҳаққында айтыўдың өзи жетерли емес, бул бағдарда системалы ҳәм стратегиялық ҳәрекет етиў ўақты келди.

Усы мәниде, Президентимиздиң креатив экономиканы раўажландырыў бойынша қабыл етилген қарары айрықша әҳмийетке ийе. Бул ҳүжжеттиң пайда болыўының өзи креатив санаатқа жәрдемши тараў деп емес, ал мәмлекеттиң толық стратегиялық ресурсы сыпатында қаралып атырғанын көрсетеди. Креатив экономика тек ғана көркем өнерге тийисли емес. Бул пикирлеў, идеялар ҳәм мәдений код тәрепинен жаратылған қосымша қун дегени. Булар жаңа жумыс орынлары, инвестициялық тартымлылық ҳәм бәсекиге шыдамлы миллий брендти қәлиплестириў болып есапланады.

Туризм ҳәм креатив санаат бүгин ажыралмас. Бул бизиң жаңа имканиятымыз, яғный туристлик компаниялар ушын жаңа қурал. Дизайн, мода, кино, музыка, архитектура, санлы технологиялар мәмлекеттиң сыртқы ҳәм эмоционаллық көринисин қәлиплестиреди. Мине, усылар арқалы саяхатшыда тәсир оятады. Соның ушын ол мине усы бағдарды таңлайды.

– Туризм жаңа сапа басқышына шығыўы ушын және нелерге итибар қаратыў зәрүр?

– Туризм жаңа сапа басқышына шығыўы ушын кеңирек ҳәм исенимли пикирлеў керек. Әлбетте, халықаралық туристлик көргизбелерде қатнасыў мәмлекетти танытыўдың ажыралмас бөлеги болып қалмақта. Бул профессионаллық орталық болып, усы жерде бирге ислесиў, шәртнамалар ҳәм стратегиялық альянслар дүзиледи. Бирақ бүгинги күнде тек ғана қатнасыўдың өзи жетерли емес, қатнасыў форматын кеңейтиў зәрүр.

Өзбекстан бундай майданлардың толық шериклери сыпатында да қатнасыўға таяр. Буннан тысқары, биз өзимизге болған исенимди беккемлеп, ири халықаралық форумлар ҳәм көргизбелерде бас қәўендер сыпатында ортаға шығыўымыз керек. Бизиң туристлик потенциалымыз дүньяның жетекши бағдарлары менен теңдей, бәлент ҳаўазда ҳәм жоқары мақсет пенен көриниўге мүнәсип. Мәмлекет өзин глобаллық илажлардың стратегиялық шериги сыпатында жәриялағанда, ол халықаралық туристлик қарым-қатнастағы өз статусын өзгертеди.

Соның менен бирге, мәмлекеттиң санлы қатнасын күшейтиў мәселеси де әҳмийетли. Бүгин турист жөнелислерди социаллық тармақлар, визуал контент ҳәм инфлюенсерлердиң жеке усыныслары арқалы таңлайды. Виртуал мәкан болажақ саяхат пенен дәслепки байланыс ноқатына айланады. Сонлықтан, Өзбекстанның жаңа келбети глобаллық мәлимлеме орталығында системалы ҳәм профессионаллық тәризде көриниўи зәрүр.

– Усы жерде, тараўда шешимин күтип атырған машқалаларға да тоқтап өтсеңиз.

– Тараўымызда үзликсиз жумысты талап ететуғын бир қатар системалы машқалалар елеге шекем сақланып қалмақта. Бәринен бурын, жәҳән базарында мәмлекетимиз ҳаққында сапалы ҳәм системалы мәлимлеме жетерли емеслиги сезиледи. Жедел ҳәрекетлерге қарамастан, Өзбекстан ҳәзирше глобаллық медиа мәканында өзине мүнәсип дәрежеде көрсетилмей атыр.

Соның менен бирге, әҳмийетли қәдемлер де тасланбақта: жетекши халықаралық телеканаллар ҳәм халықаралық медиа платформалар менен бирге ислесиў жолға қойылмақта. Олар мәмлекетимиздиң мәдений мийрасы, заманагөй раўажланыўы ҳәм туристлик потенциалы ҳаққында айтып бермекте. Бул еле басланыўы, бирақ усы процесс келешекте Ўатанымызды және де кеңирек үгит-нәсиятлаў ушын беккем тийкар жаратады.

Санлы үгит-нәсиятлаў – СЕО оптималластырыў ҳәм излеў системаларында стратегиялық ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратыў зәрүр. Бүгин турист өз сапарын онлайн излеўден баслайды ҳәм Өзбекстан глобаллық санлы орталықта толық, профессионаллық ҳәм бәсекиге шыдамлы түрде көриниўи керек.

Екинши әҳмийетли фактор – мәўсимлик. Туристлер ағымының тийкарғы бөлеги бәҳәр ҳәм гүз айларына туўра келеди, қыс ҳәм жаз мәўсимлеринде болса талап салыстырмалы төменлейди. Мәўсимлик өзгерислерди жумсартыў мақсетинде MICE – туризм бағдары жедел раўажландырылмақта: халықаралық форумлар, исбилерменлик илажлары, мәденият фестивальлары, кино көрсетиўлер ҳәм әнжуманлар шөлкемлестирилмекте. Бундай формат жыл даўамында турақлы исбилерменлик ҳәм мәдений илажларды қәлиплестириў имканиятын береди.

Үшинши тәрепи – кадрлар мәселеси. Хизмет көрсетиў тараўы халықаралық сервис стандартларына жуўап беретуғын ҳәм шет тиллерин билетуғын қәнигелерди талап етеди. Бүгинги күнде инсан факторы туристлик тәжирийбениң сапасына тиккелей тәсир ететуғынын аңлаған ҳалда, кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў бойынша жумыс алып барылмақта. Бул ўазыйпаларды шешиў процеси жедел басқышқа киргенин атап өтиў керек. Туризм тараўы трансформацияға таяр екенин көрсетпекте, әмелге асырылып атырған илажлар болса турақлы ҳәм сапалы өсиў ушын беккем тийкар жаратады.

– Айтыңызшы, реформалар тараўда қандай нәтийжелер бермекте?

– 2025-жылы 11,7 миллионнан аслам сырт ел туристи Өзбекстанға келди ҳәм бул мәмлекет тарийхындағы рекорд көрсеткиш болып есапланады. Бундай нәтийже 2024-жылға салыстырғанда кеминде 3,7 миллион адамға көп болып, өсиў шама менен 46,8 процентти қурады. Бул Өзбекстанның туристлик тартымлылығы ҳәм секторды раўажландырыў бойынша әмелге асырылған избе-из илажлардың нәтийжеси болып есапланады. Инфраструктура ҳәм авиақатнаўлар көлемин кеңейтиў, виза режимин либералластырыў ҳәм мәмлекетти халықаралық майданларда жедел үгит-нәсиятлаў сыяқлы илажлар нәтийже берди. 2019-жылы пандемиядан алдыңғы дәўирде Өзбекстанға келген туристлердиң саны шама менен 6,7 миллион адам болғаны белгили. Демек, 2025-жылдағы көрсеткиш пандемиядан алдынғы жыллардан дерлик еки есеге көп.

Бундай нәтийжелер Өзбекстанды тек ғана уллы тарийхы ҳәм мәдений мийрасы емес, ал регионда заманагөй мәдений ҳәм креатив орай сыпатында ири туристлик жөнелиске айландырыўда әҳмийетли фактор болмақта.

ӨзАныӊ хабаршысы

Насиба Зиёдуллаева сәўбетлести.