Беруний районында шампиньон замаррықлары үй шараятында жетистирилмекте

Беруний районы Бирлик мәҳәллесиндеги Сабировлар шаңарағы шампиньон замаррықларын жетистириўди жолға қойды. Замаррықтың шампиньон сорты пайдаланыўдағы ең көп ушырасатуғын түри болып есапланады. 50 метр майданда үшинши мәрте жетистирилип атырған өним бир ҳәптеден таяр болып, жыйнап-терип алыў мүмкин болады.
Шухрат Сабиров 2025-жыл ноябрь айында замаррық жетистириўди баслаған ҳәм биринши өнимнен 300 килограмм зүрәәт алды. Тийкарынан, Хорезм ўәлаяты ҳәм Нөкис қаласына буйыртпалар жеткерип берилмекте. Замаррық туқымы Франция мәмлекетинен алып келинген болып, бул өнимдарлы сорт есапланады. Қарақалпақстан шараятында шампиньон замаррығын жетистириў үлкен тәжирийбе талап етеди. Буны Шухрат Әндижан ўәлаятындағы танысларынан үйренип, жетистириўди жолға қойды.
– Ш.Собиров шаңарағы менен биргеликте исбилерменликти баслады, – дейди Бирлик мәҳәллесиниң ҳәким жәрдемшиси Жавлон Жаббиев. – Ишки базарда замаррыққа болған талапты қанаатландырыў ҳәм өнимниң баҳасын арзанлатыўға үлес қосып келмекте. Районымыздағы “Агробанк” АКБ филиалы тәрепинен 100 миллион сум муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратылыўы режелестирилген. Келешекте бул тәжирийбени және де кеңейтип, жер майданын 200 метрге жеткериў, жумысшылардың санын төрттен 15 ке шекем жеткериў режелестирилген.
Үй шараятында дәрамат табыўдың жаңа түри бойынша Беруний тәжирийбесиниң жолға қойылыўы халықтың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге үлес қосады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги