Иран АҚШ пенен сөйлесиўлер алып бара ма?

Иран қәўипсизлик басшысы мәмлекет АҚШ пенен “сөйлесиўлер алып бармайтуғынын” атап өтти ҳәм Дональд Трампты Израиль мәплерин ҳәмме нәрседен үстин қойғаны ушын айыплады.
Иран Миллий қәўипсизлик жоқары кеңесиниң хаткери Али Ларижоний екшемби күни АҚШ президенти Дональд Трампты өзиниң “Америка биринши орында” сүренин “Израиль биринши орында” сүренине айландырғанында айыплап, Тегеран АҚШ ҳүкимети менен сөйлесиўлер алып бармайтуғынын мәлим етти.
Ол, сондай-ақ, АҚШ ғалаба хабар қуралларының Иран Вашингтон менен ядролық сөйлесиўлерди қайта баслаўға урынып атырғаны ҳаққындағы билдириўлерин бийкарлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги