Өзбекстанда картошка резерви жетерли ме?

Картошка дүньяда ең көп пайдаланылатуғын ҳәм ең әҳмийетли азық-аўқат өнимлеринен бири болып есапланады. Ол тек ғана күнделикли аўқатланыў рационымыздың ажыралмас бөлеги емес, ал аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигинде де үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәзирги күнде картошка ҳәр қыйлы тағамларды таярлаўда кеңнен қолланылып, миллионлап инсанлардың тийкарғы энергия дереги болып хызмет етеди.
Мәмлекетимизде халықтың картошкаға болған талабын қанаатландырыў, ишки базарда баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм өним жетистириўшилерди сапалы туқым менен тәмийинлеў бойынша системалы реформалар жолға қойылған.
Өткен жылғы өним ушын республика бойынша жәми 237 мың гектар майданға картошка егилген, соннан 97 мың гектары фермер хожалықлары, 140 мың гектары болса дийқан хожалықлары ҳәм халықтың қыйтақ жерлериниң үлесине туўра келеди. Республикадағы барлық категориядағы хожалықлар тәрепинен 4 160 185 тонна картошка зүрәәти жыйнап алынған. Бул көрсеткиш 2024-жылға салыстырғанда 0,2 процентке өскен.
Тараў ўәкиллери тәрепинен усынылған мағлыўматларға бола, 2027-жылы фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларында 2,5 мың тонна, 2028-жылы 27 мың тонна, 2029-жылы 147 мың тонна ҳәм 2030-жылы 747 мың тонна жоқары әўладлы туқымлық картошка жетистириў режелестирилген. Сондай-ақ, быйылғы жылдың өними ушын картошка егилетуғын майданлар 284 мың гектарға жеткериледи. Бул майданларда 4,5 миллион тонна өним жетистириў мақсет етилген.
2025-жылы Қарақалпақстан Республикасында 113 008, Әндижан ўәлаятында 530 666, Бухара ўәлаятында 305 960, Жиззақ ўәлаятында 126 577, Қашқадәрья ўәлаятында 230 125, Наўайы ўәлаятында 131 051, Наманган ўәлаятында 420 348, Самарқанд ўәлаятында 773 598, Сурхандәрья ўәлаятында 394 525, Сырдәрья ўәлаятында 74 871, Ташкент ўәлаятында 415 368, Ферғана ўәлаятында 480 007, Хорезм ўәлаятында 163 175, Ташкент қаласында 906 тонна картошка жетистирилген.
ӨзА