Өз бетинше кәсип үйренип атырған халық ушын маманлық сертификатлары системасы енгизиледи

9

Мәмлекетимизде бәнтликти арттырыў ҳәм халықтың кәсиплик потенциалын раўажландырыўға қаратылған системалы жумыслар даўам етпекте.

Енди өз бетинше кәсип үйренип атырған, жәрдемге мүтәж ҳәм бәнт болмаған шахслар маманлық сертификатларын алыў арқалы өз кәсиплик билим ҳәм көнликпелерин рәсмий түрде тастыйықлай алады.

Бул ўазыйпа Президент Шавкат Мирзиёевтиң 2026-жыл 16-февральда қабыл етилген “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў” жылында тийкарғы бағдарлар бойынша реформалар бағдарламаларында және “Өзбекстан – 2030” стратегиясын әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламада белгилеп берилди.

Пәрманға муўапық, ҳәр бир аймақтың санаат, қәнигелесиў ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы талаплары тийкарында 24 маманлықты баҳалаў орайы шөлкемлестириледи. Орайларда мийнет базарында әҳмийетли болған кеминде еки кәсип бойынша маманлық сертификатларын бериў әмелияты жолға қойылады.

Сондай-ақ, жәрдемге мүтәж, жумыссыз ҳәм бәнт болмаған шахслар Бәнтликке көмеклесиў қорының қаржылары есабынан ваучер системасы арқалы маманлықты баҳалаў хызметлеринен пайдаланыў имканиятына ийе болады. Бул арқалы олар өзиниң кәсиплик потенциалын арттырыў ҳәм маман кадр сыпатында қәлиплесиў имканиятына ийе болады.

Бул система шеңберинде 60 әҳмийетли кәсиплер бойынша кәсиплик имтихан ушын баҳалаў қураллары ислеп шығылып, экспертизадан өткериледи. Соның менен бирге, тармақ кеңеслери тәрепинен тайынланған 120 баҳалаўшы экспертлердиң маманлығы арттырылады ҳәм экспертлер корпусы қәлиплестириледи. Олар маманлықты баҳалаў процесиниң әдил ҳәм нәтийжели болыўын тәмийинлейди.

Ҳүжжетке бола, системаны енгизиў процеси 2026-жыл 1-марттан басланып, 1-июльден толық иске қосылады.

Әмелге асырыў процесинде тармақ кеңеслери, Билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў миллий агентлиги жанындағы Миллий маманлық системасын раўажландырыў институты, Кәсиплик билимлендириў агентлиги ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги менен тығыз бирге ислесиў жолға қойылады.

М.Ҳожиакбарова, ӨзА