Депутат мәҳәллелердиң жумысын үйренди

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов Шымбай районындағы Кеңес АПЖда мәҳәлле турғынлары ҳәм мәҳәлле жетилиги менен ушырасты.
Ушырасыўда мәмлекетимизде соңғы жыллары әмелге асырылып атырған жумыслар, Президентимиз тәрепинен қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар, 2026-жыл Мәмлекетлик бағдарламасы ҳәм Өзбекстан – 2030 стратегиясында белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпалар, барлық тараўлар сыяқлы мәҳәлле системасына қаратылып атырған итибар бойынша мәселелер додаланды.
Пуқаралардың машқала ҳәм усыныслары да тыңланды. Айырым машқалалар бойынша нызам шеңберинде түсиндириў жумыслары алып барылған болса, мүддет талап ететуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды. Ушырасыў даўамында депутат усы АПЖ аймағындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектеби ҳәм жаңадан иске қосылған IТ қалаша Жаслар мәлимлеме технологиялары орайының жумысы менен де жақыннан танысты.
Депутаттың ушырасыўлары Көкши қала ҳәм Дослық мәҳәллелеринде де даўам етти. Көкши қала МПЖ аймағындағы исбилерменлик субъектлеринен бири болған «ZANG TEX» ийирилген жип ислеп шығарыў кәрханасында болды.
Мағлыўмат орнында, бул кәрхананың улыўма баҳасы 199,2 млрд. сум болып, кәрхана тийкарынан ийирилген жип ислеп шығарыўға қәнигелескен. Пакистанлы «HD SONS» сырт ел кәрханасы менен жолға қойылып атырған бул жойбар тек ғана технологиялық жаңалық емес, ал аймақтың экспорт потенциалын түп-тийкарынан өзгертиўши күш болып есапланады. Өнимлери 100 процент экспортқа бағдарланған. «ZANG TEX» кәрханасы толық қуўатлылықта 200 орынға мөлшерленген болып, бүгинги күнде 150 жаңа жумыс орны жаратылған, сондай-ақ, жыллық экспорт көлеми 6,6 млн. АҚШ долларын қурайды.
Халық ўәкили бул кәрхананың жумысы менен жақыннан танысып, өнимниң сапасы, экспорт-импорт потенциалы, жумысшылар ушын жаратылған шараятлар, жаңа заманагөй технологиялардың сапа дәрежеси, олардың хызметлери ҳәм функциялары, кәрхананың келешектеги мақсет ҳәм режелери менен де пикир алысылды.
Депутат Дослық мәҳәллесинде мәҳәлле жетилиги ҳәм мәҳәлле аймағында жаңадан қурылған 47-санлы улыўма билим бериў мектебин де барып көрди. Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 8-октябрьдеги “Айырым район (қала) ҳәм мәҳәллелерди халықтың жасаўы ҳәм исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўы ушын үлги аймаққа айландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, бул мектеп заманагөй типте қурылған болып, 240 орынға мөлшерленген заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген, барлық қолайлықларға ийе. Депутат мектеп жумысы менен жақыннан танысып, өзиниң пикир-усынысларын да билдирип өтти. Күнниң екинши ярымында халық ўәкилиниң ушырасыўы Қараөзек районында да даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги