Рәсмий хабар
11

Президентимиздиң тапсырмасына тийкар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында тәбийғый газ ушын ысытыў мәўсиминде белгиленген базалық норма 15-мартқа шекем созылды.
“Өзгидромет”тиң хабарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында март айының дәслепки 15 күнинде ҳаўа температурасының төмен болыўы күтилип атырғаны себепли халықты қоллап-қуўатлаў мақсетинде, Президентимиздиң тапсырмасына тийкарланып, Министрлер Кабинети тәрепинен ысытыў мәўсими ушын белгиленген 500 куб метр базалық норма усы еки аймақ ушын 2026-жылдың 15-мартына шекем создырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги