Инновациялық технологияларды билимлендириўге интеграциялаў

Педагогикалық шеберлик орайында “Санлы дүнья педагоглары” атамасында кеше өткерилди.
Илаж заманагөй санлы билимлендириў орталығында педагоглардың кәсиплик компетенцияларын раўажландырыў, инновациялық технологияларды билимлендириў процесине нәтийжели интеграциялаў ҳәм алдынғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыўға қаратылды.
Кешеде Орайдың Академиялық жумысты муўапықластырыў бөлиминиң баслығы М.Утениязов, Анық ҳәм тәбийғый пәнлер методикасы кафедрасының баслығы Қ.Турмановлар тема бойынша өзлериниң баянатлары менен шықты.
Илаж шеңберинде “Санлы сәлемнама”, қосық ҳәм басқа да темаларда шығып сөйлеўлер арқалы педагоглардың санлы трансформация процесиндеги орнын ҳәм жуўапкершилигин сәўлелендирип бериўге ҳәрекет етилди.
Семинар жуўмағында “Муғаллим викторинасы: Санлы дүнья имтиханы” темасында сораў-жуўап жарысы шөлкемлестирилип, қатнасыўшылардың билим ҳәм көнликпелери сынақтан өткерилди.


Қарақалпақстан хабар агентлиги