Айырым аймақлар халқына бақша пулы азайтып бериледи

6

“Қарақалпақстан Республикасын 2026-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм келеси жылларға мөлшерленген бағдарламаларды тастыйықлаў ҳаққында”ғы Президент қарарына бола, 2026-жыл 1-апрельден ҳәкимшилик басқарыў жағынан Нөкис қаласы қурамына кириўши “Қаратаў” ҳәм “Бестебе” мәкан пуқаралар жыйынлары халқына мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде бала тәмийнаты ушын ата-аналар төлемине 50 процент азайтыўшы коеффициентлер қолланылады.

Сондай-ақ, майданы 5 мың квадрат метрден жоқары болған саўда комплекслери ҳәм мийманхана (жайластырыў қураллары) хызметлери бойынша усы аймақта жумысын әмелге асырып атырған исбилерменлерге 2027-жыл 1-январьдан 2040-жыл 1-январьға шекем жер салығы ҳәм мүлк салығы ставкалары 90 процентке азайтылған ҳалда қолланылады.

2028-жыл 1-январьға шекем:

– Қарақалпақстан Республикасы аймағында жайласқан коммерциялық банклердиң балансында болған мүлк объектлери базар баҳасында қайта баҳаланып, 10 жыл даўамында процентсиз бөлип төлеў шәрти менен тиккелей реализацияланады;

– сатылған мүлк объектлери бойынша дүзилген алды-сатты шәртнамаларына муўапық төлемлер 6 ай ишинде толық төленгенде шәртнама баҳасының 25 процентине тең муғдарда шегирмелер бериледи, – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги