Халықтың қәлбинде жасап атырған шайыр

Мәмлекетимизде Өзбекстан халық шайыры Зульфияның туўылған күниниң 111 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық әнжуманлар болып өтпекте.
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы және бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте шайырдың туўылған күниниң 111 жыллығы мүнәсибети менен пайтахтымызда бир қатар мәдений-ағартыўшылық илажлар өткерилди.
Әне усындай әдебий әнжуман Жазыўшылар қыябанында, Зульфия естелигиниң жанында өткерилди. Мәресимде түрли министрликлер ҳәм уйымлар, жәмийетлик шөлкемлер, дөретиўши зыялылар, билимлендириў мәкемелериниң ўәкиллери, жаслар ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты.

Илажда Зульфия Исроилованың әдебият, миллеттиң руўхый раўажланыўында тутқан орнының теңсиз екени, оның дөретиўшилиги арқалы өзбек ҳаялының гөззаллығы, сабыр-тақаты әдебиятта жоқары көркемлик көринисин тапқаны атап өтилди.
Зульфияханым тымсалында өзбек ҳаялының руўхый келбети, садықлығы ҳәм пидайылығы жәмленгени, бүгинги күнде ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың жәмийеттеги абырайын беккемлеў мәмлекетлик сиясат дәрежесиндеги әҳмийетли ўазыйпа екени атап өтилди. Зульфия дөретиўшилиги жас әўладты ўатансүйиўшилик ҳәм руўхый жетиклик руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

– Зульфияханым – Өзбекстан халық шайыры, белгили жәмийетлик ғайраткер сыпатында тек ғана әдебиятымыз емес, ал жәмийетимиздиң руўхый турмысында да өшпес из қалдырған уллы тулға, – деди Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова. – Оның мазмунлы дөретиўшилиги, пидайы жәмийетлик жумысы әсиресе ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, олардың жәмийеттеги орны ҳәм абырайын беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе болды. Шайырдың шығармаларында Ўатанға муҳаббат, инсаныйлық, опадарлық ҳәм садықлық, тынышлық ҳәм жақсылық идеялары терең сәўлелендирилген. Оның қосықлары инсан қәлбин пәклейди, раўажланыўға шақырады, руўхый жетикликке жетелейди. Зульфия дөретиўшилиги – бул муҳаббат ҳәм садықлық сабағы, мәнаўият мектеби.
Илаж шеңберинде Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық ийелериниң мушайрасы болып өтти. Онда студент-қызлар тәрепинен Зульфияханым қосықларынан үлгилер оқылды.

Илажда устаз шайыр, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Муҳтарама Улуғова Зульфияханымның поэзиясындағы кишипейиллик ҳәм руўхый тереңлик ҳаққында тоқтап өтип, оның дөретиўшилиги өзбек әдебиятында өз алдына мектеп жаратқанын атап өтти.
Сондай-ақ, “Саодат” журналының бас редакторы Мунаввара Усмонова Зульфияханымның усы журнал жумысындағы тарийхый орны, оның ҳаял-қызлар ағартыўшылығы ҳәм жәмийетлик пикирди қәлиплестириўдеги хызметлери ҳаққында айтты. Зульфия тек ғана шайыр емес, ал руўхый тәрбияшы, миллет ҳаял-қызлары ушын ибрат мектеби екени атап өтилди.
Өзбекстан халық шайыры Абдулла Шер болса өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Зульфияханым дөретиўшилигиндеги Ўатанға муҳаббат, опадарлық, садықлық ҳәм адамгершилик идеялары әдебиятымызда өшпес из қалдырғаны, оның поэзиясы халықтың қәлбине жақынлығы менен мәңги екенлигине тоқтап өтти.

Халқымыз әзелден ҳаялды муқаддес санап, оның шаңарақ ҳәм жәмийетлик турмыстағы орнын жоқары қәдирлеп келген. Мине, усы жоқары ҳүрмет ҳәм итибардың айқын көриниси сыпатында 1999-жылы Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлық шөлкемлестирилди. Бул сыйлық қәбилетли, интакер ҳәм жоқары мәнаўиятлы қызларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды жаңа жетискенликлер ҳәм шеклерге руўхландырыўға қаратылған мәмлекетлик тән алыўдың абырайлы үлгиси болып есапланады.
Бүгинги күнге шекем билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары ҳәм жәмийетлик жумыс тараўларында жоқары нәтийжелерге ерискен 480 қәбилетли ҳаял-қыз усы сыйлық пенен сыйлықланған.
Мәдений-ағартыўшылық ушырасыўда шайырдың бай дөретиўшилик мийрасы бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Оның қосықлары ҳәм дәстанларынан үзиндилер оқылды, классикалық ҳәм заманагөй нама-қосықлар атқарылды. Илаж соңында қатнасыўшылар тәрепинен Зульфия естелигине гүллер қойылды.
Зульфияханым естелигине бағышланған салтанатлы илажға Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйи, Өзбекстан халық жазыўшысы Хайриддин Султонов, Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова қатнасты.
Назокат Усмонова, ӨзАның хабаршысы